Бизге белгили, Samsung ҳәм Huawei компаниялары усы жыл ийилгиш смартфонлар ислеп шығарыўды тийкарғы мақсет етип қойған. Басқа компаниялар да бундай жойбардан изде қалыў нийетинде емес.

Philips компаниясының  мийрасхоры, Palm ҳәм BlackBerry қурылмаларын ислеп шығарыўшы Қытайдың TCL бренди ийилгиш смартфон вариантын таярлап атыр. Бренд тәрепинен бес қурылмаға патент алынған болып, олардың төртеўиниң дизайнинде ҳеш бир жаңалық жоқ. Бирақ бесинши қурылманың дизайны улыўма жаңа болып, билек атырапында арқайын айлана алады. Нағыз киноларда көргенимиздей билезик-смартфонды күтип аламыз

Жаңа қурылма әҳмийетине бола ақыллы саатлар ҳәм басқа да смартфонлар сыяқлы тағып жүретуғын гаджетлер қатарына киреди. Үлкен ҳәм аўыр гаджетти билекке тағып жүриў жүдә қолайлы. Билезик-смартфон ийилгиш смартфон идеясын раўажландырыў нәтийжеси болып көриниўи мүмкин. Тийкарында ондай емес.

Буннан үш жыл бурын Lenovo ийилгиш ҳәм жыйналмалы модельлерди, соның ишинде, билезик-смартфон идеясын усынған еди. Буннан бурын – 2010-жылға нәзер тасласақ, Nokia сол ўақытта-ақ Morph атлы усындай вариант үстинде ислеген. Бирақ нәтийже болмаған еди.

Ҳәр нәрсениң өз ўақты бар, дегенлериндей быйыл ийилгиш смартфонлардың турмысымызға кирип келетуғыны анық.

ӨзА