Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында әскерий бөлимниң арнаўлы усыныснамасы тийкарында оқып атырған студент-жаслар арасында «Суңқарлар» спорт жарысы өткерилди.

Институттың жаслар аўқамы басланғыш шөлкеми ҳәм кәсиплик аўқамы тәрепинен шөлкемлестирилген жарысқа институттың барлық факультетлеринде оқып атырған 20 студент қатнасты.

– Жарысты өткериўден тийкарғы мақсетимиз усыныснама тийкарында оқып атырған жаслардың бос ўақытларын мазмунлы өткериў, бул арқалы барлық студентлер арасында спортқа болған қызығыўшылықты арттырыў ҳәм саламат турмыс тәризин енгизиўден ибарат, – дейди институт жаслар аўқамы жетекшиси Б.Гүлимбетов.

Жарыста студентлер жеке тәртипте турникке тартыныў, брусьяда ислеў, тас көтериў, 100 метрге жуўырыў, граната ылақтырыў, армрестлинг, баскетбол тобын шеңберге ылақтырыў сыяқлы спорт түрлеринен өз спорт таярлықларын сынап көрди.

Жарыс жуўмағында жеңимпазлар анықланып, институттың кәсиплик аўқамы тәрепинен таярланған саўғалар менен сыйлықланды.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.