Усы жылдың дәслепки айларынан баслап Қытай Халық Республикасының ғалаба хабар қуралларында Өзбекстанның туристлик потенциалы ҳәм миллий өнимлерин жедел үгит-нәсиятлаў жолға қойылды.

Атап айтқанда, төрт мың адамнан аслам ағзасы болған weixin.qq.com​ ​ сайтында Өзбекстанда туризм тараўында әмелге асырылып атырған өзгерислерге бағышланған «Өзбекстанға визалар және де жеңиллетилди!» е-визаның бир неше түрлери енгизилди!» атлы мақала жәрияланды.

Мақалада әпиўайыластырылған виза алыў тәртиби енгизилгени ҳәм елимиз қәўипсиз мәмлекет сыпатында тән алынғаны туристлер ағымының артыўына себеп болып атырғаны ҳаққында сөз болады.

Сондай-ақ, хабарда Өзбекстан электрон визасына мүрәжат етиў тәртиби ҳәм арзаны қалай толтырыў кереклиги және қайсы мәмлекет пуқаралары визасыз кириўи мүмкинлиги бойынша да ҳәр тәреплеме мғлыўматлар келтириледи.

Бул басылымда келешекте және «Өзбекстан, бир мәкан – бир жол концепциясы», «Самарқанд ўақтын сезиң», «Өзбекстан пайтахты Ташкент» сыяқлы бир қатар мақалалар басып шығарылыўы режелестирилген.

ӨзА