France Football басылымы футбол тарийхындағы ең жақсы 10 дәрўазаманның дизимин жәриялады.

Олардың арасында биринши орында Лев Яшин көрсетилген. Бурынғы Аўқам сайланды командасының дәрўазаманы ХХ әсирде оғада белгили болды. Ол футбол тарийхында «Алтын топ» алған бирден-бир футболшы есапланады. 1956-жылы Олимпиада чемпионы, 1960-жылы Европа чемпионы, бурынғы Аўқам чемпионатының 5 мәрте жеңимпазы болған. «Футбол короли» болған Пелениң өзи «Лев Яшинге гол урсам – барлық әрманларымның орынланғаны» деп айтқаны да бул пикирлеримизди дәлиллейди. Сол дәўирдиң футболшылары арасында «Яшинге гол урған футболшы ҳеш қандай уўайымсыз отставкаға шыға берияине болады» деген мазмундағы ҳәзил де тарқалған екен.

Ең жақсылар рейтингинде 2-орында британиялы дәрўазаман Гордон Бэнкс  көрсетилген. Ол жақында ғана бул дүньяны тәрк еткен еди. Бэнкс футбол тарийхындағы ең жақсы сэйвлердиң бирин әмелге асырған дәрўазаман сыпатында көп санлы футбол жанкүйерлериниң ядында қалды. 1970-жылы Мексикадағы жәҳән чемпионаты ўақтында Пелениң бас пенен дәрўазаға жоллаған тобын шеберлик пенен қайтара алған.

Лев Яшин «Алтын топ»қа ерискеннен соң арадан 10 жыл өтип және бир дәрўазаман бул сыйлыққа талабанлардың қатарында болды. Ол – италиялы Дино Дзофф болып табылады. Дәрўазаман миллий сайланды командасы менен халықаралық ушырасыўларда 2 жыл даўамында өз дәрўазасына гол урылмаўын тәмийинледи. Бул бойынша рекорд 1142 минутқа жетти. France Football басылымы бул дәрўазаманды ең жақсы үшликке киргизди. Ең жақсы үшликтеги дәрўазаманлардың барлығы да өз жумысларын өткен әсирде алып барған. ХХ әсирде дәрўазаман болғанлардан Зепп Майер (ГФР), Питер Шилтон (Англия)лар ең жақсы онлыққа кирген.

Ең жақсы онлықта ҳәзирги ўақытта жумыс алып барып атырған Джанлуиджи Буффон, Мануэль Нойер, Икер Касильяс сыяқлы дәрўазаманлар да бар.

 

Демек, ТОП-10 дәрўазаманлар:

 

  1. Лев Яшин («Динамо» Москва, бурынғы Аўқам)
  2. Гордон Бэнкс (Англия)
  3. Дино Дзофф (Италия)
  4. Джанлуиджи Буффон («ПСЖ», Италия)
  5. Мануэль Нойер («Бавария», Германия)
  6. Петер Шмейхель (Дания)
  7. Зепп Майер (ГФР)
  8. Икер Касильяс («Порту», Испания)
  9. Эдвин ван дер Сар (Нидерландия)
  10. Питер Шилтон (Англия)

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.