Пайтахтымыздағы «Ice City»  комплексинде даўам етип атырған хоккей бойынша биринши Өзбекстан чемпионатының 3-тур ойынлары жуўмақланды.

Кеше бул турдан орын алған «Бинокор» және «Хумо» командалары арасындағы ушырасыў турға жуўмақ жасады. Муз үстиндегb беллесиўде «Хумо» командасы қарсыласы «Бинокор»дан үстем екенин әмелде дәлилледи: «Хумо» – «Бинокор» 3:1.

Xumo-Bino (3).jpg

Еслетип өтемиз, турдың биринши ойынында «Ташкент» командасы «Семурғ»ты 4:2 есабында жеңген еди.

Гезектеги 4-тур ойынлары 16-февраль күни старт алады.

ӨзА