Орайлық банк естелик тенгелериниң 13-февральдан әмелде болатуғын баҳаларын белгиледи.

Оған бола:

 

1 алтын тенгениң баҳасы – 13 700 000 сум;

 

1 гүмис тенгениң баҳасы – 265 000 сумды қурады.

 

Өткен ҳәптедеги баҳаларға салыстырғанда, алтын тенгелердиң баҳасы сақланып қалған болса, гүмис тенгелер мың сумға арзанлаған.

 

Естелик тенгелериниң ҳәр бириниң салмағы 31,1 граммнан ибарат. Металлар пробасы  999,9 ға тең.

Еслетип өтемиз, сатыўға 1994-2009-жыллары 2 түрли алтын ҳәм 14 түрли гүмис естелик тенгелери қойылған. Олардың пробасы 999,9 ҳәм салмағы 31,1 граммнан ибарат. 2018-жылдың 28-ноябринен баслап естелик тенгелерин коммерциялық банклердиң айырым филиалларында нақ ҳәм нақ пулсыз есап-китаплар тийкарында сатып алыў мүмкин.

Естелик тенгелерин сатыў баҳасы Орайлық банк тәрепинен ҳәр ҳәптеде кеминде бир рет миллий валютада белгиленеди.

ӨзА