Дене тәрбиясы ҳәм спорт министриниң буйрығы менен дене тәрбиясы муғаллимлери (инструктор, кафедра баслықлары) жумысларының нәтийжелилигин баҳалаўдың рейтинг системасы тастыйықланды.

Norma басылымының мәлим етиўинше, қабыл етилген ҳүжжет тийкарында мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў мәкемеси дене тәрбиясы инструкторлары, мектеп, лицей, колледж, жоқары оқыў орынлары оқытыўшылары, сондай-ақ, кафедра баслықларының жумысларын рейтинг баҳалаў тәртиби белгиленген.

Муғаллимлер ҳәр 5 жылдан рейтинг системасы бойынша баҳаланады. Жумысқа жаңадан қабылланған кадрларға жумысқа қабыл етилгенинен соң 1 жылдан кейин баҳаланады. Жоқары оқыў орынлары ямаса колледжлерди питкерип биринши мәрте жумысқа киргенлер кәсиплик хызметине 3 жыл толғаннан соң баҳаланады. Мийнетке жарамсызлық қағазы рәсмийлестирилген ҳалда узақ мүддетке (3 айдан аслам) емленип атырған, ҳәмиледарлық, туўыў ҳәм баланы тәрбиялаў бойынша дем алыстағы муғаллимлер жумысқа қайтқанына 1 жыл толғанынан соң баҳалаўға тартылады.

Муғаллимниң жумыслары нәтийжелилигиниң анықланған рейтинги ол бир билимлендириў мәкемесинен басқасына жумысқа өткенде сақланады.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги