Усы жыл 6-февраль күни Қараөзек районындағы балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектеби жанында жаңадан бой тиклеген заманагөй көринистеги жабық суў бассейниниң ашылыў мәресими болып өтти. Бул ҳаққында Қарақалпақстан Республикасы Денетәрбия ҳәм спорт министрлиги хабар бермекте.
Мәресимге Қарақалпақстан Республикасы Жоқырғы Кеңесиниң комитет баслығы Д.Қурбаниязов, Өзбекстан Республикасы Денетәрбия ҳәм спорт министриниң орынбасары Ш.Моминджанов, район ҳәкими Д.Өтемуратов, Қарақалпақстан Республикасы Денетәрбия ҳәм спорт министри Ғ.Байниязов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, спортшылар ҳәм тренерлери, район халқын жаңа спорт имаратының иске түсиўи менен қызғын қутлықлады.
Илажға район халқы, мийманлар, белгили спортшылар ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.
Мағлыўмат ушын, бул жабық жүзиў спорт сарайы 2018-жылдың инвестициялық бағдарламасына киргизилген болып, имарат райондағы «Ғәрезсизлик гүзары» мәкан пуқаралар жыйыны «Ғәрезсизлик» көшеси бойына салынды. Имараттың сметалық баҳасы 4 млрд. 830 млн. сумды қурап, оны «Чимбой иншоат» ЖШЖ қурып питкерди.
Бул жүзиў бассейниниң пайдаланыўға тапсырылыўы район жаслары ушын қуўанышлы ўақыя болды. Енди балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектебинде жүзиў дөгереги шөлкемлестирилип, суў спорты түрлерин ғалаба ен жайдырыўға, жас өспиримлердиң саламат болып жетилисиўине хызмет етеди.
Т.СЕЙТНАЗАРОВА,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы