Хоккей бойынша тарийхый биринши Өзбекстан чемпионатының жарыслары ертең старт алады.

Өзбекстан тарийхында дәслепки рет шөлкемлестирилип атырған бул жарыста пайтахтымыздың «Бинокор», «Хумо», «Семург» ҳәм «Ташкент Сити» командалары қатнасады. Ойынлар пайтахтымызда жаңадан қурып питкерилген «Ice City» спорт-кеўилашар орайының муз майданында өткериледи.  Тарийхый биринши чемпионат ойынлары еки ай даўам етип, ықласбентлер жәми 24 ушырасыўға гүўа болады.

8-февраль күни «Ташкент Сити» ҳәм «Бинокор» командалары арасындағы ойын менен биринши Өзбекстан чемпионатына старт бериледи. Буннан кейин майданға «Хумо» ҳәм «Семург» командалары шығады. Чемпионаттың рәсмий ашылыў мәресими болса саат 18:00де басланады.

Турақлы өткерилетуғын чемпионат ойынлары 17-март күни жуўмақланады. 20-марттан болса еки раундтан ибарат плей-офф жарыслары басланады. Онда ойынлар үш мәртеге шекем жеңип шығаман дегенше даўам етеди.

Мағлыўмат ушын, Өзбекстан хоккей федерациясы 2018-жыл 28-мартта Өзбекстан Республикасының Әдиллик министрлигинде мәмлекетлик дизимнен өткерилген. Федерацияның тийкарғы ўазыйпасы – елимизде хоккей спорт түрин ғалаба ен жайдырыў ҳәм раўажландырыў, халық арасында саламат турмыс тәризин кеңнен үгит-нәсиятлаў, хоккей бойынша Өзбекстан чемпионатын ҳәм кубогин, мәмлекетимиздиң аймақларында өткерилетуғын халықаралық жарысларды шөлкемлестириўден ибарат.

ӨзА