Шахмат – ақыл ҳәм пикирлеў процесин раўажландыратуғын спорт түри болып, оны ен жайдырыў мақсетинде елимизде бир қатар жумыслар әмелге асырылмақта. Усының нәтийжесинде жас шахматшылар жақсы нәтийжелерге ериспекте.
Усы жыл 24-январь ҳәм 2-февраль күнлери аралығында Ташкент қаласында ерлер ҳәм ҳаял-қызлар арасында cпорттың шахмат түри бойынша Өзбекстан чемпионаты өткерилди.
Оған республикамыздың барлық ўәлаятларынан келген 40 тан аслам жас шахматшылар қатнасып, өз-ара күш сынасты.
Чемпионатқа Қарақалпақстан сайланды командасы қурамында Тақыятас районы балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектебиниң тәрбияланыўшысы Махым Оразмуҳаммедова стандарт бағдары бойынша табыслы қатнасып, 9 имканияттан 7,5 упай топлап, бириншиликти ийеледи ҳәм алтын медальды жеңип алды.
– Шәкиртим 4 жасынан баслап шахмат дөгерегине қатнай баслады. Бир неше мәрте Қарақалпақстан чемпионы, 4 мәрте Өзбекстан чемпионы болды. Ҳаял-қызлар арасында биринши мәрте Қарақалпақстан чемпионы, – дейди спортшының тренери, әкеси Әбдикәрим Тураев. – Өткен жылы Азия чемпионатының гүмис медаль ийесине айланды. Оның Өзбекстан чемпионы болғаны усы жылғы ерискен биринши жетискенлиги болып есапланады.
Т.СЕЙТНАЗАРОВА,
Қарақалпақстан хабар агентлиги хабаршысы