Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталында мийнет стажы ҳәм мийнет ҳақы менен байланыслы архивлик мағлыўматларды онлайн алыў имканияты пайда болды. Бул ҳаққында Kun.uz хабар берди.

Физикалық шахслар ушын шөлкемлестирилген хызмет бийпул тәризде усынылады. Бул хызметтен пайдаланыў ушын Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталында бирден-бир идентификация системасы – OneID арқалы порталға кириў талап етиледи.

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2012-жыл 5-апрельдеги «Өзбекстан Республикасында архив жумысларын жетилистириў ҳаққында»ғы қарарына муўапық бул хызметлер усыныс етилмекте. Шөлкемлестириў жумыслары менен ҳүкимет жанындағы «Өзархив» агентлиги шуғылланады.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги