Россия ҳәм америкалы илимпазлары Арал теңизиниң тарийхын үйренди, деп хабар берди Daryo.uz Nplus1 хабары тийкарында.

Россия ҳәм америкалы изертлеўшилер бурынғы Барсакелмес аймағындағы шөгинди жынысларды үйренген. Изертлеў жумыслары 2009-жылы, аймақтағы көл суўы қурығаннан еки жыл өтип алып барылған.

Илимпазлар тереңлиги 14,9 метр болған тесик тесип, ҳәр қыйлы тереңликтеги көл шөгиндилеринен үлги алып, оларды үйренген. 10 метр тереңликтеги шөгиндилер Арал пайда болған дәўирге тийисли екенлиги анықланған. Изертлеўшилер бул органикалық қалдықлардың үлкенлиги ҳәм қурамын үйренип, палеонтологиялық мағлыўматларды топлаған ҳәм радиоуглеродлы анализ өткерген.

Анализлер нәтийжесинен мәлим болыўынша, Арал теңизи 17,6 мың жыл алдын пайда болған. Болжаўларға қарағанда, суўдың тийкарғы дәреклери, Терскей-Алтай, Тянь-Шань ҳәм Памир таўларынан ериген музлықлар болған. Шама менен, еки мың жыл өткеннен кейин оған дәрья суўларының ағыўы кемейгеннен соң, суўдың дузлылық дәрежеси көбейип кеткен.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги