Социаллық раўажланыўдың глобал ҳәм баслы принциплеринен бири – инсан искерлигиниң барлық басқышларында, сондай-ақ, илим ҳәм билимлендириў тараўларында көринетуғын интеграция процеси болып табылады.
Өзбекстан менен Германия арасында илим ҳәм билимлендириў тараўындағы бирге ислесиў көп жыллық тарийхқа ийе. Атап айтқанда, германиялы илимпазлар, илимий топардың ўәкиллери әзелден елимиз тарийхы, миллий үрп-әдет ҳәм дәстүрлеримизге үлкен қызығыўшылық пенен қараған. Өз гезегинде, елимиздиң кең жәмийетшилиги де Германияның өтмиши ҳәм заманагөй раўажланыў жолы, социаллық-экономикалық келбетин уйрениўге айрықша итибар қаратқан.
Усы жерде «Орайлық Азия» атамасы биринши рет белгили немис илимпазы Александр Фон Гумбольдт тәрепинен 1843-жылы Парижде басып шығарылған үш томлы «Орайлық Азия таў дизбеклерин изертлеў ҳәм климатларды бөлистириў» шығармасында қолланылғанын еслеў орынлы болып табылады.
Онда илимпаз ишки суўғарыў системасын ҳәм таў дизбеклерин үйрениў тийкарында Орайлық Азияны айрықша, өзине тән регион сыпатында сүўретлейди. Соннан берли «Орайлық Азия» түсиниги бүгинги күнге шекем географиялық атама сыпатында қолланылып келинбекте.
Ҳәзирги күнде Германия билимлендириў ҳәм кәсипке бағдарлаў, илим ҳәм илимий изертлеўге айрықша итибар беретуғын мәмлекет сыпатында танылған. Буны Нобель сыйлығының лауреатларының 91и усы мәмлекеттиң ўәкиллери екени де тайстыйықлайды. Бүгинги күнде елимиздиң 800ден аслам студент-жаслары, илимий изертлеўшилери Германияның жоқары оқыў дәргайларында билим алып атырғаны да усынын менен түсиндириў мүмкин. Алдынғы сырт ел тәжирийбесин үйренип, ҳәр-түрли тараўлардағы заманагөй технологияларды Өзбекстанда енгизиўди мақсет етип қойған жаслар ушын бундай имканиятлар мәмлекетимиздеги тийисли министрликлер ҳәм мәкемелер менен бирге ислесиўде Германия акедемиялық алмасыўлар хызмети, Ташкенттеги Гёте институты, Конрад Адэнауэр ҳәм Фридрих Эберт атындағы қорының мәмлекетимиздеги ўәкилханалари, Немис халық университетлери ассоциациясының Халықаралық бирге ислесиў бойынша институтының шөлкемлери тәрепинен жаратылмақта.
Кейинги жылларда билимлендириў ҳәм илим тараўына қаратылып атырған жоқары итибар, соның ишинде, жаслардың халықаралық нормалар тийкарында билим алыўы ушын жаратылған қолайлы шараят, илимий изертлеў жойбарларын қоллап-қуўатлаў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслардың көлеми Германияда үлкен қызығыўшылық оятып келмекте. Бул елимиздиң мәдений-гуманитар тараўындағы бирге ислесиўин жаңа басқышта раўажландырыўға хызмет етпекте.
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Германияға сапары алдынан Берлинде Өзбекстан – Германия мәдений бирге ислесиўи бойынша қоспа комиссиясың мәжилиси болып өтти. Бул еки мәмлекет арасында гуманитар тараўлардағы бирге ислесиўдиң жаңа бағдарларын белгилеп берди.
Комиссия мәжилисинде мәмлекетимиздиң Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў, Халық билимлендириў ҳәм Мәденият министрликлери, сондай-ақ, Илимлер академиясының ўәкиллери, Өзбекстанның Германия Федеративлик Республикасыңдағы Айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси де қатнасты. Германия тәрепинен Сыртқы ислер министрлиги, Германия академиялық алмасыў хызмети ҳәм Гёте институтының ўәкиллери қатнасты.
Илажда илим ҳәм мәденият, жоқары билимлендириў, улыўма ҳәм орта арнаўлы билимлендириў, кәсиплик билимлендириў, немис ҳәм өзбек тиллерин үйрениў, ғалаба хабар қураллары ҳәм көркем өнер тараўындағы бирге ислесиў, мәдений мийраслар ҳәм мәдений қәдриятларды тиклеў сыяқлы бағдарларда еки тәреплеме байланысларды беккемлеў мәселелери додаланды. Бул бағдардарлардағы бирге ислесиўди даўам еттириў бойынша келисимлерге ерисилди.
Германиялы бирге ислесиўши тәреплер Ташкент қаласындағы 60–улыўма билим бериў мектебине Гёте, Бухара қаласындағы 4-улыўма билим бериў мектебине Иоганн Кристоф Фридрих фон Шиллер ҳәм Самарқанд қаласындағы 51-улыўма билим бериў мектебине Вильгельм фон Гумбольдттың атлары берилгенин үлкен қанаатланыўшылық пенен атап өтти.
Мәжилис жуўмағы бойынша ерисилген келисимлер Өзбекстан менен Германияның мәдений, илимий-ағартыўшылық тараўларындағы бирге ислесиўин буннан былай да кеңейтиў, барлық дәрежедеги қатнасыўшылардың тиккелей ушырасыўлары ҳәм сөйлесиўлерине жәрдем ушын тийкар болып хызмет етеди.
Сирожиддин МИРЗАЕВ,
Өзбекстан Республикасы
Илимлер академиясының вице-президенти.
ӨзА