Хабарыңыз бар, кеше “Реал” Испания кубоги 1/8 финал жуўап ойынында өз майданыңда “Леганес”тен 0:1 есабында женилисип қалды.

   Итибарлысы сол, бул “патшалық клубы”ның мәўсимдеги 10-женилиси болды. Команда ақырғы рет бундай жағдайға 2012/13 жыллардағы мәўсимде түскен еди. Сол ўақытта Жозе Мауриньо басшылығындағы “Реал” 11 ойын даўамында имканиятын қолдан жиберди.

Бирақ, мәўсим енди ғана ярымына келгенин инабатқа алсақ, Сантьяго Солари қол астындағы “Реал” бул антирекордты жаңалаў итималлылығы жүдә жоқары.

“Реал” ҳәзирги ўақытта Ла Лигада жетекши орында, бирақ “Барселона”дан 10 очкоға артта қалмақта ҳәм жарыс кестесиңде 4-орынды ийелеп турыпты.

 

Жавоҳир Тошхўжаев, ӨзА