«Әскерий ўатансүйиўшилик айлығы», Өзбекстан Қураллы Күшлери дүзилгениниң 27 жыллығы ҳәм «14-январь – Ўатан қорғаўшылары күни» байрамы мүнәсибети менен шөлкемлестирилген жарыста институттың барлық факультетлери ҳәм ректорат командалары қатнасты.

Жарыс жуўмақларына бола, барлық қарсыласларынан үстин келген дене мәденияты факультети командасы 1-орынды, математика-информатика факультети командасы 2-орынды ҳәм тарийх-география факультети командасы 3-орынды ийеледи.

– Бос ўақтымызда спорт ҳәм саламатлық илажларына қатнасыў ҳәр биримиздиң беккем денсаўлығымыздың гиреўи болып табылады, – дейди институт дене мәденияты факультети декан орынбасары Қулмурат Кенжебаев. – Институт профессор-оқытыўшылары ҳәм студент-жаслары арасында усындай беллесиўлер турақлы өткерилип келинеди. Соның нәтийжесинде, институт жаслары спорт тараўында да республикада жетекшилерден есапланады.

Жеңимпазлар ҳәм сыйлы орын ийелери институт ректораты, спорт клубы ҳәм кәсиплик аўқамы тәрепинен таярланған диплом ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланды.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.