USD 10500.03
EUR 12607.39
RUB 140.7

Жума, 27 Декабрь

Сайт тест режиминде ислеп тур. Қолайсызлықлар ушын кеширим сораймыз.

ӨЗБЕКСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ ПРЕЗИДЕНТИ ШАНХАЙ БИРГЕ ИСЛЕСИЎ ШӨЛКЕМИНИҢ БАС ХАТКЕРИН ҚАБЫЛЛАДЫ

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 3-январь күни усы жыл 1-январьдан баслап Шанхай бирге ислесиў шөлкеми Бас хаткери лаўазымына кирискен Владимир Норовты қабыл етти. Бул ҳаққында Өзбекстан Республикасы Президентиниң Баспасөз хызмети хабар бермекте.

Мәмлекетимиз басшысы Өзбекстан Республикасы ўәкилиниң усындай жоқары ҳәм жуўапкершиликли лаўазымға – ШБШ бас хаткерлигине тастыйықланғаны тарийхый ўақыя екенин атап өтти.

Биринши мәрте мәмлекетимиз пуқарасы халықаралық шөлкемниң басшысы етип тайынланды.

Ушырасыў ўақтында Өзбекстан Президенти ашық ҳәм конструктивлик сөйлесиў нәтийжели майдан, көп қырлы бирге ислесиўдиң тәсиршең механизми, Орайлық Азия регионында қәўипсизлик ҳәм турақлылықтың әҳмийетли факторына айланған Шанхай бирге ислесиў шөлкеминиң жумысына жоқары баҳа берди.

ШБШның тийкарғы ҳүжжетлеринде беккемленип қойылған мәмлекетлердиң суверенитети, ғәрезсизлиги, аймақлық пүтинлиги ҳәм мәмлекетлик шегаралардың қол қатылмаслығын өз-ара ҳүрмет етиў, ишки ислерине араласпаў, теңлик, өз-ара исеним ҳәм мәплерди есапқа алыў сыяқлы принциплердиң тийкарғы роли атап өтилди.

Өткен дәўир ишинде көп тәреплеме бирге ислесиўге байланыслы салмақлы шәртнамалық-ҳуқықый база қәлиплестирилди, ШБШның 30 ға шамалас жумысшы уйымы табыслы жумыс алып бармақта.

Сырт мәмлекетлер және халықаралық структуралардың бул абырайлы шөлкем менен шериклик қатнасықларын жолға қойыўға қызығыўшылық барған сайын артып атырғаны атап өтилди.

Мәмлекетимиз Президенти Шанхай бирге ислесиў шөлкеми шеңберинде иске қосылмаған үлкен потенциал бар екенине айрықша итибар қаратты. Қәўипсизликти беккемлеў, саўда, экономика, инвестиция, транспорт коммуникациялары, туризм, аўыл хожалығы және регионлараралық бирге ислесиў тараўларындағы байланысларды раўажландырыў келешектеги баслы бағдарлар сыпатында атап өтилди.

Мәмлекетимизде Шөлкем шеңберинде бирге ислесиўди раўажландырыў бағдарында избе-из жумыслар әмелге асырылмақта. Атап айтқанда, Ташкент қаласында ШБШның Халық дипломатиясы орайы шөлкемлестирилди, Самарқанд қаласында «Жипек жолы» туризм халықаралық университети шөлкемлестирилмекте.

Өзбекстан тәрепиниң басламасы менен Циндао саммитиниң жуўмағында ШБШ мәмлекет басшыларының Жасларға бирликтеги мүрәжаты және оны әмелге асырыў бойынша Ҳәрекет бағдарламасы қабыл етилди.

Ушырасыў соңында мәмлекетимиз басшысы В.Норовқа ШБШ Бас хаткери лаўазымында әўмет ҳәм табыслар тиледи.

ӨзА