Аўыр турмыс шараятында жасап атырған ҳаял-қызлар кәрханалардағы бос ҳәм квоталанған жумыс орынларына, өнерментшилик, шаңарақлық исбилерменлик ҳәм басқа бағдарларда мәнзилли тийкарда жумыс пенен тәмийинленеди. Бул «Жедел инвестициялар ҳәм социаллық раўажланыў жылы» Мәмлекетлик бағдарламасында нәзерде тутылған, деп жазады Kun.uz.

Жойбарда көрсетилиўинше, әмелий илажлар шеңберинде аўыр социаллық жағдайға түсип қалған 1584 ҳаял-қызларға, майыплығы болған, кем тәмийинленген, перзентлерин толықсыз шаңарақта тәрбиялап атырған ҳәм турақ жай шараятын жақсылаўға мүтәж аналарға жеңилликли ипотека кредити тийкарында арзан турақ жайлар бериледи.

Ҳаял-қызлар ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў фонды арқалы ҳаял-қызлар исбилерменлигин және де раўажландырыўға 100 млрд сумлық жеңилликли кредит ажыратылады.

Илаж шеңберинде 61 районда зорлық ислетиўден жәбирленген шахсларды реабилитациялаў және ийкемлестириў ҳәм өз жанына қастыянлық етиўдиң алдын алыў орайлары шөлкемлестириледи.

«Жедел инвестициялар ҳәм социаллық раўажланыў жылы» Мәмлекетлик бағдарламасының жойбары 2019-жылдың 15-январына шекем жәмийетшилик додалаўына қойылған.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.