Мәмлекетлик салық комитети баслығының биринши орынбасары Мусаев Беҳзод Анварович Мәмлекетлик салық комитетиниң баслығы етип тайынланды.

Беҳзод Мусаев мәмлекетимиз Президентине садық, дүньяқарасы кең, узақты гөзлеп ис тутатуғын, тынбай изленетуғын ҳәм алдына ҳәмийше стратегиялық ўазыйпаларды мақсет етип келген жоқары потенциаллы қәниге.

Б.Мусаевтың басшылығында Президентимиздиң басламасы менен енгизилип атырған салық системасын либералластырыў, исбилерменлик жумысын қоллап-қуўатлаў, мәмлекетлик салық хызмети уйымларын инсаплы салық төлеўшилердиң исенимли шеригине айландырыў жолындағы реформалар жеделлик пенен турмысқа енгизилмекте.

ӨзА