Қәдирли Ўатанласлар!

Арал машқаласын дүнья жәмәәтшилиги глобал машқалалардың бири сыпатында тән алып, ҳәзирги күнде бул экологиялық машқаланың тәсирин жумсартыўға тек ғана ҳүкиметимиз емес, ал пүткил дүнья кең жәмийетшилиги үлкен дыққат-итибар қаратпақта.

Арал машқаласының тәсирин жумсартыў, дузлы шаң-тозаңлар көтерилиўиниң алдын алыў ушын оның қурып қалған ултанын өсимликлер менен қаплаў, дузлы тозаңларды иркиў, бул әтирапта «Жасыл қаплама»ны пайда етип, шөлге шыдамлы өсимликлер егиўде жаңа илимий жетискенликлерди, технологияларды қолланыў, Арал аймағында шөллениўдиң даўам  етиўине шек қойыў, яғный, теңиз ултанынан ҳаўаға тарап атыр­ған зәҳәрли шаңлардың көтерилиўин тоқтатыў, суўдан қурып қалған Арал ултанын шөлге шыдамлы өсимликлер менен толтырыў бүгинги күнниң ең әҳмийетли мәселелеринен бири болып қалмақта.

Заманымыздың ең ири экологиялық апатшылығы болған Арал теңизиниң қурып кетиўи ақыбетинде теңиз ултанынан жылына 80 миллион тоннаға шамалас дуз ҳәм зыянлы химиялық затлардың көтерилиўи бул машқаланың дүнья еллери көлеминде глобал түс алғанынан дәрек береди.

Өткен дәўир ишинде Өзбекстан ҳүкимети тәрепинен Аралбойы регионында экологиялық жағдайды турақластырыў, халықтың турмыс дәрежесин жақсылаў бойынша кең көлемли жойбарлар әмелге асырылды.
350 мың гектар майданға сексеўил ҳәм дузға шыдамлы өсимликлер егилип, өсимликлер дүньясы жаратылды.

Соны айрықша атап өтиўимиз тийис, Ҳүрметли Президентимиз
Ш.М.Мирзиёев тәрепинен Аралбойы регионы, сондай-ақ, Мойнақ районы бойынша арнаўлы қарарлардың қабыл етилиўи халқымыздың социаллық-экономикалық жағдайын жақсылаўда, экологиялық апатшылық ақыбетлерин жумсартыў бойынша инвестициялық жойбарларды өз ўақтында ҳәм нәтийжели әмелге асырыўда әҳмийетли орын ийелейди.

Ҳәммемиз жақсы билемиз, өткен жылдың сентябрь айында Ҳүрметли Президентимиз Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Бас Ассамблеясының
72-сессиясында жоқары минберде турып, Арал теңизиниң картасына дүнья халықларының итибарын қаратты ҳәмде бул машқала халықаралық дәрежеде шешилиўи тийис екенлигине айрықша тоқтап өтти.

Буннан тысқары, Ҳүрметли Президентимиз дүнья жәмийетшилигин усы экологиялық машқаланың ақыбетлерин сапластырыў ҳәм оннан жәбир шегип атырған халыққа әмелий жәрдем көрсетиў бойынша халықаралық көлемде бирге ислесиўге шақырды.

Өзбекстанның басламасы менен экологиялық машқалаларды шешиўде әҳмийетли орын ийелейтуғын БМШ қәўендерлигинде Арал теңизи ҳәм Аралбойы регионы бойынша көп тәреплеме шериклик тийкарында Траст фонды дүзилди.

Және бир әҳмийетли тәрепи сонда, Ҳүрметли Президентимиздиң усы жылдың 15-16-ноябрь күнлери Қарақалпақстанға сапары даўамында берилген тапсырмалар ҳәм кеңейтилген тәризде өткерилген мәжилис протоколы тийкарында 2019-2021-жылларда 500 мың гектар «Жасыл қапламалар» жаратыў ўазыйпалары белгиленди.

 

Әзиз Ўатанласлар!

Данышпан халқымыз әзелден «Тоғай — елдиң көрки, халқымыздың ырысқы несийбеси» деп бийкарға айтпаған. Әлбетте, өзинде ағла пазыйлетлерди жәмлеген бул халық даналығы терең мәниге ийе. Себеби, ҳәр бир пуқара өсимликлер егиў арқалы тәбиятқа болған меҳрин көрсетеди, оның пүтинлигин ҳәм қәўипсизлигин тәмийинлейди. Сол ушын өзин усы елдиң перзенти деп билетуғын ҳәр бир инсанды усы аймақта жүзеге келген экологиялық жағдайды жумсартыўға, қоршаған орталықты қорғаў илажларына белсене қатнасыўға шақырамыз!

Дүнья кең жәмийетшилиги менен жолға қойылып атырған бирге ислесиўден, Ҳүрметли Президентимиздиң басшылығында жаратылып атырған имканиялардан нәтийжели пайдаланып, елимизди көклемзарлыққа айландырайық!

Пуқаралар жыйынлары ақсақалларын, жасларымызды, гүллән халқымызды Арал теңизиниң қурып қалған бөлегинде шөлге шыдамлы өсимликлер егиўди шөлкемлестириўге үлес қосыўға шақырамыз!

Көпти көрген нураныйларымыздан жасларға өрнек болып, бундай саўаплы иске ҳәр бир пуқараны қатнастырыўда жанкүйерлик көрсетиўди сораймыз!

Қай жерде аналар басламасы менен ийгиликли ислерге қол урылса, сол жерде берекет болады. Аналарымыздан өз перзентлерине аймақта жүзеге келген экологиялық жағдайды жумсартыў, қоршаған орталықты қорғаў кереклигин терең түсиндирип, оларға бас-қас болыўды өтинемиз!

Келешегимиз ийелери болған жасларымыз, бул әзиз Ўатанның ертеңги ийелери сыпатында шөлге шыдамлы өсимликлер егиў илажларында жетекши күшке айланып, ғайрат пенен иске кирисетуғынына беккем исенемиз!

Әлбетте, бундай саўаплы иске үлес қосыў бул әзиз диярымызда кәмалға келген ҳәр бир инсанның бийғәрез Ўатанымыз алдындағы перзентлик парызы деп билемиз ҳәмде гүллән халқымызды және бир мәрте Арал теңизи ултанында шөлге шыдамлы өсимликлер егиўдей оғада ийгиликли иске үлес қосыўға шақырамыз!