«Салық ҳәм бюджет сиясатының 2019-жылға мөлшерленген тийкарғы бағдарларының қабыл етилгенлиги мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы Нызам Президент тәрепинен қол қойылады.
Нызам менен бир қатар нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилди.
Атап айтқанда, Салық кодексине киргизилген өзгерислер ҳәм қосымшаларға муўапық, 2019-жыл 1-январьдан:
- физикалық шахстың дәраматларына 12 процентли ставка бойынша салық салынады.
Юридикалық шахслардан алынатуғын пайда салығының ставкалары төмендеги муғдарларда белгиленеди:
- юридикалық шахслар-12 процент;
- коммерциялық банклер-20 процент;
- цемент (клинкер) ислеп шығаратуғын юридикалық шахслар-20 процент;
- полиэтилен гранулаларды ислеп шығаратуғын юридикалық шахслар-20 процент;
- мобиль байланыс хызметлерин көрсететуғын юридикалық шахслар-20 процент;
- дивидентлер ҳәм процентлер түринде төленетуғын дәраматларға 5 процентли ставка бойынша салық салынады.
Еслетип өтемиз, бурынғы тәртип бойынша физикалық шахслардың дәраматына төмендегише салық салынған:
- дәраматтың ең кем айлық мийнет ҳақының бир есесине шекемги бөлегине-0 процент;
- дәраматтың ең кем айлық мийнети ҳақының бир есесинен бес есесине шекемги бөлегине-7,5 процент;
- ең кем айлық мийнет ҳақының бес есесинен он есесине шекемги бөлегине-16,5 процент;
- дәраматтың ең кем айлық мийнет ҳақының он есеси ҳәм оннан көп бөлегине-22,5 процент.
ӨзА