Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы Дене тәрбиясы ҳәм спорт министрлиги және Туризмди раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети менен биргеликте 2019-жылы «Rally Muynak» жарысын өткериў бойынша жумыс алып бармақта. Бул ҳаққында New Muynak City каналы мәлим етти.

Арал теңизиниң қурыған ултаны ҳәм Үстирт платосынан өтетуғын маршруттың дәслепки узынлығы 363 километрди қурайды. Мағлыўматларға қарағанда, жарыс «Корабльлер қойымшылығы» естелик комплексиндеги Мойнақ маягынан старт алады ҳәм финиш сызығы да усы жерде болады.

Төменде сиз «Rally Muynak» жарысы өткерилетуғын жоллардың фотосүўретлерин тамашалаўыңыз мүмкин.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.