Мәмлекетимиз басшысы пайтахтымыздың Чилонзар районы Бағыстан көшесинде салыныўы режелестирилген көп қабатлы жайлардың қурылыс майданына келди.

photo5253815987919235465.jpg

Бул жерде халқымыздың турмыс шараятын буннан былай да жақсылаў жолындағы реформаларға сай 9 қабатлы 23 жай қурылады. 1, 2, 3, 4, 5 ханалы, 900 квартирадан ибарат бул жайлар 2019-жылдың 2-шерегинде тапсырылыўы режелестирилген.

Сыр емес, мәмлекетимизде халқымыздың талап ҳәм өтинишлерин есапқа алған ҳалда ҳәр тәреплеме қолайлы, жеңилликли баҳаларда арзан, сапалы турақ жайлардың қурылысы дерлик тоқтап қалған еди. Бары-жоғы үш-төрт жыл бурын пайтахтымызда, ўәлаятлар, район ҳәм қала орайларында, алыс аўылларда әпиўайы халық сатып алыўға қурбы жететуғын жайлар қурылысына, кем тәмийинленген шаңарақлар, физикалық имканияты шекленген пуқараларға жеңиллик тийкарында, бийпул жайлар берилетуғынына ҳәттеки адамлар исенбейтуғын болған еди.

Шавкат Мирзиёев Президентлик лаўазымына кирискен дәслепки күнлерден-ақ әне усы оғада аўыр, турмыслық әҳмийетке ийе машқаланы шешиўге бел байлады.

Өткен 25-26 жыл даўамында биринши мәрте 2017-жылдан халық ушын арзан, барлық қолайлылықларға ийе болған көп қабатлы турақ жайлардың қурылысы басланды. Усы жылдың өзинде 800 мың квадрат метрден зыят әне усындай турақ жайлар қурып пайдаланыўға тапсырылды. Халықтың арзан турақ жайларға талабын қанаатландырыў ушын быйыл бир ғана аўыллық жерлердиң өзинде 3 мыңнан аслам ямаса өткен жылға салыстырғанда еки есе көп арзан үлгили жайлар қурылды. Бул процесс избе-из даўам етеди.

Бағыстанда қурылысы басланған көп қабатлы жайлар да ийгиликли мақсет пенен қурылмақта. Бул жайлар миллий менталитетимизге сай заманагөй қурылыс үлгилери тийкарында бой тиклейди.

Бул турақ жай имаратлары жер силкиниўге шыдамлылығы, майыплар ушын да қосымша қолайлылықларға ийе екени менен ажыралып турады. Көп қабатлы  жайлардың ҳәўлисинде балалар майданшалары, автомобиль турар орынлары, саўда орайы да болады. Көклемзарластырыў жумысларына итибар қаратылады.

Жаңалығы сонда, қурылыста Түркияның ең алдыңғы қурылыс технологиясынан пайдаланылып атыр. Сол тийкарда 1 ғана 9 қабатлы жайды 5-6 ай ишинде толық питкериў мүмкин. Дәстүрий қурылыста болса буған 2 жыл ўақыт жумсалған. Жайлар сапалы бетон, арматура ҳәм гербиштен қурылмақта. Ҳәзирги күнде жайлардың тырнағы қаланған.

Президентимиз жаңа жайлар пайтахтымыздағы ең үлгили жасаў мәнзиллеринен бирине айланыўы керек екенин атап өтти.

Бул жерде Ташкент қаласында коммуналлық тармақларды раўажландырыў, каналларды толық оңлаў ҳәм тутас аймақларды абаданластырыў бойынша жойбарлар таныстырылды.

Президентимиз пайтахтымыздағы каналлардың әтирапын абат сақлаў, адамлар дем алатуғын, балалар шомылатуғын сулыў ҳәм қәўипсиз аймақлар жаратыў бойынша көрсетпелер берди.

photo5253815987919235464.jpg

photo5253815987919235466.jpg

photo5253815987919235467.jpg

Улуғбек АСРОРОВ,

ӨзА