Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 14-декабрь күни Қашқадәрья ўәлаятынан қайтыўы менен Ташкент халықаралық аэропортында елимизде сапар менен болып турған Халықаралық мийнет шөлкеминиң бас директоры Гай Райдер менен ушырасыў өткерди.

Мәмлекетимиз басшысы мийманды қызғын қутлықлап, өзиниң 100 жыллық жумысы даўамында дүньяда социаллық әдилликти алға сүриў ҳәм мийнеткешлердиң ҳуқықын тәмийинлеўге хызмет еткен Халықаралық мийнет шөлкеми менен нәтийжели бирге ислесиўди Өзбекстан жоқары қәдирлейтуғынын айрықша атап өтти.

 Мәмлекетимиз 1992-жылдан берли Халықаралық мийнет шөлкеминиң толық ҳуқықлы ағзасы. Бүгинги күнге шекем шөлкемниң 14 конвенциясы,  соның ишинде, 8 тийкарғы конвенциясы ратификацияланған. 2017-жылы 2020-жылға шекемги дәўирге мөлшерленген «Мүнәсип мийнет бойынша мәмлекетлик бағдарлама» әмелге асырылмақта.

Бул бағдарлама шеңберинде елимиздиң мийнет нызамшылығын жетилистириў, пуқаралардың мийнет ҳуқықларынан хабардарлығын, ҳуқықый мәдениятын арттырыў бойынша илажлар алып барылмақта, мийнет нызамшылығын бузыў жағдайлары бойынша жедел илажлар көриўге қаратылған сөйлесиў механизми жолға қойылмақта.

Быйыл Өзбекстанда Халықаралық мийнет шөлкеминиң миллий координаторының офиси ашылды.

Ушырасыўда ХМШ менен барлық мәселелер, соның ишинде, жаңа бағдарлар бойынша конструктивлик сөйлесиўди даўам еттириў ҳәм шерикшилик қатнасықларын кеңейтиўге еки тәреп те таяр екени атап өтилди.

Гай Райдер  мәмлекетимиз басшысына шын жүректен қабыллағаны ушын миннетдаршылық билдирип, Өзбекстанда жаңа басқышта әмелге асырылып атырған социаллық-экономикалық сиясатты жоқары баҳалады.

БМШтың Турақлы раўажланыў мақсетлерине сай әмелге асырылып атырған 2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясы айрықша атап өтилди.

911e4aa8-e36f-ba5b-e4b1-e634c0302fcd.jpg

Мийман мәмлекетимиздиң мийнет нызамшылығы нормалары халықаралық стандартлар менен сәйкеслестирип атырғанына, Өзбекстан ратификация еткен ХМШ конвенцияларын 2018-2020-жылларда әмелге асырыў бойынша «жол картасы» қабыл етилгенине жоқары баҳа берди.

Ташкентте «Турақлы раўажланыў мақсетлери шеңберинде мүнәсип бәнтликти тәмийинлеў: халықаралық әмелият ҳәм Өзбекстан тәжирийбеси» халықаралық конференциясы табыслы өткерилгени нәтийжели бирге ислесиўден дәрек береди.

Ушырасыўда шерикликти буннан былай да кеңейтиў қарым-қатнасты жеделлестириў ушын беккем тийкар жарататуғынына, Өзбекстанда Бәнтлик миллий стратегиясын ислеп шығыўда ХМШ тәжирийбесинен нәтийжели пайдаланыўға хызмет ететуғынына исеним билдирилди.

Шөлкем менен узақ мүддетли бирге ислесиў бойынша «жол картасын» ислеп шығыў ҳәм қабыл етиў, мәмлекетимиз тәрепинен ХМШ конвенцияларын ратификациядан өткериў жумысларын даўам еттириў, мийнет қатнасықлары тараўы қәнигелерин таярлаў ҳәм олардың қәнигелигин арттырыў, кәсиплик аўқамлары ҳәм Жумыс бериўшилер конфедерациясының жумысын қоллап-қуўатлаў ҳаққындағы келисимлерге ерисилди.

ӨзА