2018-жыл 14-декабрь күни Ташкент қаласында Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының он жетинши жалпы мәжилиси жумысы даўам еттирилди.

Мәжилиске ҳүкимет ағзалары, министрлик ҳәм орайлық уйымлардың басшылары, мәмлекетимиз ҳәм сырт ел ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Мәжилисти Олий Мажлис Сенатының Баслығы Ниғматилла Йўлдошев алып барды.

Сенат ағзалары тәрепинен ишки ислер министриниң ишки ислер уйымларының жынаятшылыққа қарсы гүресиў ҳәм ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў тараўындағы жумыс ҳаққындағы мәлимлемеси тыңланды.

Атап өтилгениндей, елимизде алып барылып атырған демократиялық реформалар даўамында ҳуқық қорғаў уйымларын жүкленген ўазыйпаларды жоқары дәрежеде орынлайтуғын структураға айландырыўға айрықша итибар қаратылмақта. Әмелге асырылып атырған реформалардың нәтийжесинде ишки ислер уйымларының шөлкемлестириўшилик структурасы, оператив-хызмет жумысы қайта шөлкемлестирилди, бул тараў хызметкерлери халыққа жақыннан хызмет ететуғыны ҳәм халыққа жақын болыўы ушын олардың алдына енди пүткиллей жаңа талаплар қойылды.

8.JPG

10-faqat saytga.JPG

Бунда тийисли структуралардың алыста жайласқан елатлы пунктлердеги жумысын жеделлестириўге айрықша итибар қаратылмақта. Бул ушын қосымша рәўиште ишки ислер уйымларының бөлимлери ҳәм таяныш пунктлери шөлкемлестирилип, профилактика инспекторларының саны көбейтилди.

Атап өтилгениндей, кейинги ўақытта барлық ҳуқық қорғаў уйымларының итибары тиккелей, мәҳәллелерде жынаятшылықтың ерте алдын алыўға ҳәм айрықша ҳуқықбузарлықлардың ҳәр қайсы көринисине маўасасыз қатнас жасаўды қәлиплестириўге қаратылмақта.  Бул бағдарда регионларда жынаятшылықтың ерте алдын алыўға ҳәм ҳуқықбузарлыққа қарсы гүресиў республикалық комиссияның регионаллық топарлары тәрепинен анық мақсетке қаратылған жумыслар алып барылмақта. Бунда ҳәр бир исленген жынаятты халықтың арасында додалаўға айрықша итибар қаратылмақта.

Бүгинги күнде ҳәр айдың жуўмағында Халық депутатлары районлық ҳәм қалалық Кеңеслери алдында ишки ислер бөлимлери баслықларының жаслар мәселелери бойынша 198 орынбасары, мәҳәлле турғынлары алдында 6 мың 896 профилактика инспекторы әмелге асырылған жумыслар ҳаққында есап берди. Бул есаплардың жуўмақлары бойынша өз ўазыйпаларын шын жүректен атқарып атырған профилактика инспекторлары хошаметленди,  хызмет ўазыйпаларына ҳүждан менен қатнас жасамағанларға болса интизамий ҳәм админстративлик жаза қолланылды.

Соған қарамастан, бүгинги күнде пуқаралардың ишки ислер хызметкерлерине болған исеними зәрүр дәрежеде, деп айтыўға болмайды. Хызмет интизамын бузыў жағдайлары кескин азайған болса да, ҳуқықбузарлықлар, пуқараларға қопал қатнас жасаў жағдайлары елеге шекем ушыраспақта. Усы мүнәсибет пенен сенаторлар тәрепинен бул бағдардағы жумысларды еле де күшейтиў, ҳуқық қорғаў уйымлары хызметкерлериниң жуўапкершилигин арттырыў зәрүрлиги атап өтилди. Бул мәселе бойынша Олий Мажлис Сенатының тийисли қарары қабыл етилди.

Сенаторлар Өзбекстан Республикасы  сыртқы ислер министриниң Сыртқы ислер министрлигине жүкленген ўазыйпаларды орынлаў бойынша жумысы ҳаққындағы мәлимлемеси ҳаққындағы есабатын тыңлады. Бул бағдарда бир қатар жумыслар әмелге асырылғаны атап өтилди. Соның ишинде, Өзбекстан Республикасының Сыртқы ислер министрлиги ҳәм сырт елдеги мәселелери тәрепинен Өзбекстан Республикасы министрликлери, уйымлары, ҳәкимликлери ҳәм компаниялары және сырт елдеги шериклер арасында саўда-экономикалық бирге ислесиў тараўында улыўма суммасы 6 миллиард долларлық 80 нен аслам ҳүжжетке қол қойыўға жәрдем берилди.

Сырт ел инвестицияларын тартыўға қаратылған избе-из жумыслар әмелге асырылмақта. Соның ишинде, 2018-жыл ноябрь айының ақырына келип, Өзбекстанның дипломатиялық миссиялары тәрепинен улыўма нырқы 21 миллиард долларлық 372 жойбар ислеп шығылмақта.

Сырт ел мәкемелери тәрепинен Өзбекстанның туристлик потенциалына бағышланған дерлик 250 презентация өткерилди. Дипломатиялық миссиялар 50 ден аслам туризм көргизбесине ҳәм ярмаркаларна қатнасты.

Соның менен бирге, министрликтиң жумысын үйрениў ҳәм таллаў үлкен пайдаланылмаған потенциал және шешилмеген бир қатар машқалалар ҳәм кемшиликлер бар екенин көрсетти.

Соның ишинде, уйымлараралық бирге ислесиўди тәмийинлеў машқаласы елеге шекем шешилмеген, ислеп шығылған жойбарларды әмелге асырыў процеси ямаса сапар етиўлердиң жуўмақлары ҳаққында мәлимлеме алыў имканиятын беретуғын Өзбекстан Республикасы министрлик ҳәм уйымлары менен анық өз-ара байланыс механизми жоқ, бул болса еки тәреплеме бирге ислесиўдиң ҳақыйқый жағдайын билиўди, оны және раўажландырыў бойынша әҳмийетли усыныслар таярлаўды шеклейди.

Мәмлекетимиз товарлар экспортын раўажландырыў, инвестициялар ҳәм туристлерди тартыў мәселелери бойынша министрлик ҳәм уйымлар менен бирге ислесиўде Сыртқы ислер министрлиги ҳәм дипломатиялық ўәкилханалардың сырт ел мәкемелериниң усыныслары тараўға қәнигелескен уйымлар ҳәм ўәлаятлар ҳәкимликлери тәрепинен узақ көрип шығылыўы менен байланыслы машқалаға дус келмекте. Бул бир қатар әҳмийетке ийе еки тәреплеме илажлардың мәжбүрий бийкар етилиўине ямаса көширилиўине себеп болмақта.

Ҳәкимликлердиң жумысында уйымлараралық муўапықластырыўдың жетиспеўи, сырт елдеги шериклер менен бирге ислесиў бойынша анық режелер ислеп шығыўға рәсмиятшылық пенен қатнас жасаў сақланып қалмақта. Сапар етиўге шекем инвесторлар менен аралықтан ислер алып барылмай атыр, бирге ислесиў шәртлери, шәртнамалардың баҳалары келисип алынбай атыр. Ақыбетинде ушырасыўлар анық шәртнамалар ҳәм мақсетли келисимлер дүзиўдиң орнына бирге ислесиў ҳаққындағы әпиўайы меморандумларға қол қойыў менен жуўмақланбақта.

Сырт ел  мәкемлери көп санлы есап таярлаў менен ҳәдден тыс көп шуғылланыўы жумыслардың нәтийжелилигине кери тәсир көрсетпекте. Бундай жағдай, әсиресе, хызметкерлер штатының шекленгени есапқа алынса, сырт ел мәкемелерине дыққат-итибарды анық нәтийжелерге қаратыў имканиятын бермей атыр.

Бүгинги күнде Өзбекстанның инвестициялық потенциалы ҳаққындағы шет тиллеринде сапалы таярланған мазмуны бай материаллар еле де жетиспеўи көзге тасланбақта.

Сенаторлар Сыртқы ислер министрлигиниң жумыс нәтийжелилигин буннан былай да арттырыў бойынша усыныслар билдирди. Соның ишинде, Өзбекстан Республикасының сырт елдеги мәкемелериниң 2019-жылғы ис режелерин дүзиўде экспорттың импортқа салыстырғанда жедел пәтлерде өсимин, әсиресе, узақ сырт мәмлекетлерден туристлер ағымы көбейиўин тәмиийнлеўи зәрүр.

Сондай-ақ, Қарақалпақстан Республикасы ҳәм ўәлаятлардың инвестициялық ҳәм туристлик потенциалын танытыў ушын Өзбекстанда аккредитациядан өткен дипломатиялық ўәкилханалардың жаңа хызметкерлери ушын республика аймақларына топар болып турақлы сапар етиўлерди шөлкемлестириўди әмелиятқа енгизиў зәрүрлиги атап өтилди. Додалаўдың жуўмақлары бойынша Олий Мажлиси Сенатының тийисли қарары қабыл етилди.

Сенаторлар Ферғана ўәлаяты ҳәкиминиң аймақларды раўажландырыў және Халық депутатлары жергиликли Кеңеслериниң жумысы ҳаққындағы есабатын да тыңлады.

Атап өтилгениндей, 2018-жылда аймақты комплексли раўажландырыў ҳәм бул процессте Халық депутатлары жергиликли Кеңеслериниң потенциалынан пайдаланыў бойынша бир қатар жумыслар әмелге асырылған. Усы жылдың тоғыз айы даўамында ўәлаят жалпы аймақлық өним көлеминиң өсими 105,3 процентке жетти, тартылған сырт ел инвестицияларының көлеми 90 миллион АҚШ долларын қурады. Бул көрсеткиш өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда еки еседен зыятқа артты. Усы жылдың өткен дәўири ишинде 2930 киши бизнес субъекти жумыс алып баслады ҳәм олардың саны дерлик 29 мыңға жетти. Олар тәрепинен киргизилген инвестициялардың көлеми 1,5 триллион сумнан асламды қурады. Нәтийжеде аймақта жаңа жумыс орынларының саны артпақта, оларға тийкарынан жаслар жайластырылмақта.

Усы жылдың тоғыз айы даўамында исбилерменлик тараўын қаржылай қоллап-қуўатлаў мақсетинде коммерциялық банклер тәрепинен 2 триллион 552 миллиард 665 миллион сумлық кредит қаржылары ажыратылды.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 22-23-июнь күнлери ҳәм 2018-жыл 12-13-июнь күнлери Ферғана ўәлаятына сапары ўақтында билдирилген тапсырмаларын орынлаў шеңберинде 380 жойбар тастыйықланды.

Әҳмийетли  социаллық-экономикалық машқалаларды шешиўде айырым Халық депутатлары жергиликли Кеңеслери ҳәм олардың депутатларының жумысы үлкен әҳмийетке ийе. Соның ишинде, жергиликли Кеңеслерде 500 ден аслам лаўазымлы шахстың халықты тәшиўишке салып атырған әҳмийетли машқалаларды шешиў бойынша есабатлары тыңланды, жуўапкер структуралар басшыларына 300 ден аслам депутат сораўы (мүрәжат) жиберилди.

Соның менен бирге, сенаторлар Ферғана ўәлаятында жергиликли Кеңеслердиң жумыс нәтийжелилигин арттырыўға кери тәсир етип атырған бир қатар машқала ҳәм кемшиликлер бар екенин, қолда бар потенциалдан толық пайдаланылмай атырғанын атап өтти.

Додалаўлардың жуўмағы бойынша ўәлаятты раўажландырыў мәселелерин шешиўде министрликлер ҳәм уйымлар және жергиликли атқарыўшы ҳәкимият уйымларының жуўапкершилигин арттырыўға қаратылған Олий Мажлис Сенатының қарары қабыл етилди.

Буннан соң сенаторлар «Халықаралық миграция шөлкеми Конституциясын (Брюссель, 1953-жыл 19-октябрь) ратификациялаў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасының нызамын көрип шығып, мақуллады.

Сенат ағзалары 2019-жылда көп тармақлы фермер хожалықларын дүзиў бағдарламасы ҳаққындағы мәселени додалады. Бағдарламаның жойбары Министрлер Кабинети тәрепинен  Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 9-октябрьдеги «Фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелериниң ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин қорғаў, аўыл хожалығы егислик майданларынан нәтийжели пайдаланыў системасын түп-тийкарынан жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы пәрманына муўапық киргизилгени атап өтилди. Додалаў жуўмағы бойынша Олий Мажлис Сенатының қарары қабыл етилди.

Сондай-ақ, сенаторлар Өзбекстан Республикасы Бас министри А.Н.Ариповқа контракт бойынша әскерий хызметке кириў ҳәм оны өтеўге байланыслы нызам ҳүжжетлериниң орынланыў жағдайы ҳәм бул тараўдағы ҳуқықты қолланыў әмелияты бойынша парламент сораўын жибериў ҳаққындағы мәселени де көрип шықты. Атап өтилгениндей, бул тараўда көрилген илажлардың нәтийжесинде әскерий хызметкерлердиң профессиональлық шеберлиги, интеллектуаллық потенциалы ҳәм әскерий таярлығы дәрежеси артты, оларды ҳуқықый ҳәм социаллық қорғаў күшейтилди, халықтың, әсиресе, жаслардың арасында әскерий хызметтиң абырайы кескин көтерилди.

Бирақ орынларда өткерилген үйрениў, халық пенен пикирлесиў ҳәм олардың мүрәжатлары менен танысып шығыў, контракт бойынша әскерий хызметке кириў, хызмет мүддетин создырыў ҳәм хызметтен босаў менен байланыслы бир қатар машқалалар бар екенин көрсетти.

Үйрениў контракт бойынша әскерий хызметке кириў қыйын процесс екенин көрсетти. Көплеген бюрократиялық тосқынлықлар бар, буның үстине бул тәртип-қағыйда ашық-айдын емес. Айырым басқышларды өткериў ҳәм жуўмақлаў мүддетлери, сондай-ақ, лаўазымлы шахслардың жуўапкершилиги белгилеп қойылмаған. Буннан тысқары, бурынғы әскерий хызметкерлер, әсиресе, пенсия алыў ҳуқықын беретуғын стажға ийе болмаған әскерий хызметкерлердиң бәнтлигин тәмийинлеў, оларды кәсипке таярлаў ҳәм қайта таярлаў арқалы жәмийетке бейимлесиўдиң бирден-бир шөлкемлестириўшилик-ҳуқықый механизми жоқ.

Усы мүнәсибет пенен Өзбекстан Республикасы Бас министри А.Н.Ариповқа контракт бойынша әскерий хызметке кириўге ҳәм оны өтеўге байланыслы нызам ҳүжжетлериниң орынланыў жағдайы ҳәм бул тараўдағы ҳуқықты қолланыў әмелияты бойынша парламет сораўын жибериў  зәрүрлиги жүзеге келди. Додаланған мәселе бойынша Олий Мажлис Сенатының тийисли қарары қабыл етилди.

Сенаторлар Өзбекстан Республикасы Бас министри орынбасары А.А.Абдухакимовқа имканияты шекленген жаслардың билим алыўы ушын жаратылған шараятлар бойынша парламент сораўын жибериў ҳаққындағы мәселени көрип шықты.

Атап өтилгениндей, мәмлекетимиз басшысының басламасы менен кейинги 2 жылда майыплығы болған 21,5 мың шахс, социаллық қорғаўға мүтәж шаңарақлар турақ жай менен тәмийинленди. Имканиятлары шекленген адамларды мәмлекет тәрепинен тәрепинен қоллап-қуўатлаў системасы түп-тийкарынан жетилистирилди, оларды жоқары оқыў орынларына қосымша мәмлекетлик грант квоталары тийкарында оқыўға қабыл етиў тәртиби ислеп шығылды.

Бирақ Өзбекстан Республикасының Конституциясында, «Билимлендириў ҳаққында»ғы, «Бала ҳуқықларының кепилликлери ҳаққында»ғы, «Өзбекстан Республикасында майыпларды социаллық қорғаў ҳаққында»ғы нызамларында ҳәр кимниң билим алыў ҳуқықы беккемлеп қойылған болса да, имканиятлары шекленген шахслар бул ҳуқықтан толық пайдалана алмай атыр.

Олардың билим алыў ҳуқықларын әмелге асырыўға тосқынлық етип атырған бир қатар машқалалар елеге шекем сақланып қалмақта. Сонлықтан Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары А.А.Абдухакимовқа имканияты шекленген жаслардың билим алыўы ушын жаратылған шараятлар бойынша парламент сораўын жибериў зәрүрлиги келип шықты. Усы мәселе бойынша Олий Мажлис Сенатының тийисли қарары қабыл етилди.

Буннан соң парламенттиң жоқарғы палатасының ағзалары Өзбекстан Республикасы Жоқарғы судының қурамына өзгерислер  киргизиў ҳаққындағы мәселени көрип шықты. Оның жуўмақлары бойынша Олий Мажлис Сенатының қарары қабыл етилди.

Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты ўәкиллигине киретуғын басқа да мәселелер көрип шығылды.

Он жетинши жалпы мәжилис даўамында жәмийетлик турмыстың барлық тараўларының ҳуқықый тийкарларын беккемлеўге, мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған реформалардың нәтийжелилигин арттырыўға ҳәм халықаралық бирге ислесиўди раўажландырыўға хызмет ететуғын 30 мәселе, соның ишинде 18 нызам көрип шығылды.

Соның менен Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының он жетинши жалпы мәжилиси өз жумысын жуўмақлады.

Өзбекстан Республикасы

 Олий Мажлиси Сенатының

Мәлимлеме хызмети    

ӨзА