Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 2018-жыл 6-декабрь күни Ғәрезсиз Мәмлекетлер Дослық Аўқамына ағза мәмлекетлер Мәмлекет басшылары кеңесиниң Санкт-Петербург қаласында болып өткен нәрәсмий мәжилисине қатнасты.

Мәмлекетимиз басшысы Шавкат Мирзиёевти Россия Федерациясы Президенти Владимир Путин күтип алды.

Сүўретке түсиў мәресиминен соң ҒМДАға ағза мәмлекетлер басшыларының нәрәсмий ушырасыўы басланды.

Мәмлекетимиздиң Дослық аўқамына ағза мәмлекетлер менен бирге ислесиўи ҳәр қыйлы бағдарларда избе-из ҳәм ҳәр тәреплеме раўажланып атырғанын айрықша атап өтиў керек.

Президентимиз усы жыл 28-сентябрь күни Душанбе қаласында болып өткен ҒМДА Мәмлекет басшылары кеңесиниң мәжилисине қатнасқан еди.

Өткен дәўирде мәмлекетимиз ҒМДА шеңберинде он тармақ бойынша бирге ислесиўге қосылды. Өзбекстан шөлкем Парламентлераралық ассамблеясының толық ҳуқықлы ағзасы болды, Өсимликлер карантини бойынша муўапықластырыўшы кеңес Илим-техника ҳәм инновация тараўларында бирге ислесиў бойынша мәмлекетлер аралық кеңес, Агросанаат комплекси мәселелери бойынша кеңес, Атом энергиясынан тыныш мақсетлерде пайдаланыў бойынша комиссия, ҒМДАға ағза мәмлекетлер қәўипсизлик уыйымлары ҳәм арнаўлы хызметлери басшыларының кеңеси, ҒМДАның хызметлер бойынша еркин саўда зонасы ҳаққындағы келисимди ислеп шығыўға байланыслы жоқары дәрежели жумысшы топар ҳәм басқа да уйымлардың жумысына қосылды.

Өзбекстан ҒМДА мәканында өз-ара базарларды қәлиплестириў, бажыхана тәртип-қағыйдаларын жеңиллетиў, халықаралық ҳәм регионаллық транспорт жолларынан нәтийжели пайдаланыў тәрепдары.

4b431d4f-7bf4-3429-5440-d84f3bced88d.jpg

Быйыл Өзбекстан Дослық аўқамы шеңберинде Қорғаныў министрлери кеңеси, Туқымгершилик мәселелери бойынша муўапықластырыўшы кеңес, Стандартластырыў, метрология ҳәм сертификатластырыў бойынша кеңес, Геодезия, картография, кадастр ҳәм Жерди аралықтан турып зондлаў бойынша мәмлекетлер аралық кеңес мәжилислери ҳәм көплеген басқа да әҳмийетли илажларды өткерди. Бул ҳәр қыйлы тараўларда көп қырлы өз-ара пайдалы бирге ислесиўди сезилерли дәрежеде жеделлестириў, экономикалық ҳәм инвестициялық байланысларды беккемлеў, санаат кооперациясын кеңейтиў имканын береди.

Ушырасыўда Дослық аўқамы мәмлекетлериниң саўда-экономикалық бирге ислесиўин буннан былай да раўажландырыў, өз-ара саўда көлемин арттырыў, транспорт-коммуникация  потенциалынан нәтийжели пайдаланыў, сондай-ақ, қәўипсизликти беккемлеў, заманагөй қәўип-қәтерлердиң алдын алыў ҳәм оларға қарсы гүресиў мәселелерине итибар қаратылды.

Гуманитарлық, билимлендириў ҳәм туризм тараўларында алмасыўларды избе-из даўам еттириў зәрүрлиги атап өтилди.

Тәреплерди қызықтырған басқа да мәселелер додаланды.

Өзбекстан Республикасы келеси жыл ҒМДАна бирликтеги басшы болса, 2020-жылы ҒМДА Мәмлекет басшылары саммити бизде болады.

ҒМДА нәрәсмий саммити шеңберинде Президентимиз бир қатар мәмлекет басшылары менен еки тәреплеме сөйлесиўлер өткерди. Оларда 2018-жылы нәтийжели шерикликтиң тийкарғы жуўмақлары ҳәм келешекте бирге ислесиўдиң перспективалы бағдарлары додаланды.

Соның менен Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Санкт-Петербург қаласына сапары жуўмақланды.

ӨзА