Пүткил жер жүзиндеги спорт жанкүйерлериниң көптен күткен Париж-2024 жазғы Олимпиадасының басланыўына да еки айдан асламырақ ўақыт қалды.

Франция пайтахтында өткерилетуғын бул Олимпиада жарысларының басланыўын әсиресе, елимиздиң футбол ықласбентлери асығыслық пенен күтпекте. Себеби, футбол бойынша Өзбекстан сайланды командасы быйыл өз тарийхында туңғыш мәрте Олимпиада жолламасын қолға киргизип, Францияның футбол майданларында өз шеберликлерин көрсетеди.

Бул жарыста мәмлекетимиздиң абырайын мүнәсип түрде қорғаўды мақсет еткен Тимур Кападзе басшылығындағы сайланды команда ағзалары Олимпиада ойынларына таярлықты қызғын баслап жиберди.

Атап айтқанда,  Өзбекстан U-23 сайланды командасы июнь айындағы  ФИФА күнлери шеңберинде Олимпиада ойынларының және бир қатнасыўшысы Мали менен еки рет дослық ойынын өткереди.

Бул еки ойын да 7-10-июнь күнлери Ташкент қаласында болып өтеди.

Мағлыўмат ушын айтып өтетуғын болсақ, Өзбекстан U-23 сайланды командасы, «С» топарында Испания, Египет ҳәм Доминикан сайланды командалары менен өз-ара жарысқа түседи. Ал, Мали болса, Япония, Парагвай ҳәм Израиль сайланды командалары менен бир топардан орын алған.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги