Мәмлекетимизде инвестициялық сиясатты түп-тийкарынан жетилистириў ҳәм әмелге асырыў барысында оған заманагөй, сапалы жантасыў ҳәм механизмлерди енгизиў, сондай-ақ инвестиция процесин жеделлестириў ҳәм улыўма исбилерменлик шараятын жақсылаў бойынша үзликсиз илажлар әмелге асырылмақта.

Бул әмелге асырылып атырған илажлар экономика тармақларын, социаллық ҳәм өндирислик инфраструктураларды жедел  раўажландырыў ҳәм модернизациялаўға хызмет етпекте. Инвестициялық орталықтың жақсыланғаны, зәрүр шараятлар жаратылғаны нәтийжесинде 2024-жылдыӊ январь-март айларының жуўмағы менен Республиканыӊ тийкарғы капиталын көбейтириўге 4 273,7  млрд. сумнан аслам инвестиция киргизилип, соннан сырт ел инвестициялары ҳәм кредитлери 3 190,9 млрд. сумды ямаса 257,1 млн. АҚШ долларын қурады.

Қарақалпақстан Республикасына тийкарғы капиталға киргизилген инвестициялардың 843,9 млрд. сумы «қайта ислеў санаатына», 179,8 млрд. сумы «аўыл, тоғай ҳәм балық хожалығына»,  213,4 млрд. сумы «тасыў ҳәм сақлаў», 108,5  млрд. сумы «курылыс, хызмет түрине», 1 958,0 млрд. сумы «таў-кән санааты ҳәм ашық кәнлерде ислеўге», 98,1 млрд. сумы «көтере ҳәм усақлап сатыўға», 31,8 млрд. сумы «билимлендириў» хызмет түрлерине жумсалған.

2024-жылдыӊ январь-март айларында улыўма майданы 141,5 мыӊ кв.м. болған 775 турақ жай питкерип тапсырылып, соннан 89,5 мың кв.м. болған 487 турақ жайлар аўыллық жерлерге туўра келеди.

Улыўма билим бериў мектеплерин ҳәм мектепке шекемги билимлендириў объектлерин қурыў, жаӊадан реконструкциялаў жумысларына 31,8 млрд. сум әтирапында инвестициялар өзлестирилди.

Мәмлекетимизде халықтыӊ турмыс дәрежесин жақсылаў, әмелдеги өндиристи техникалық ҳәм технологиялық жақтан қайта үскенелеў,  стратегиялық  әҳмийетке ийе болған тиккелей сырт ел инвестицияларын өзлестириў ҳәм ресурслардан дурыс пайдаланыў барысындағы актив инвестициялық сиясатты алып барыў бойынша илажлар нәтийжели даўам етпекте.

   Саламат Мухаматдинов,

Статистика басқармасы Инвестиция

ҳәм қурылыс статистикасы бөлиминиң баслығы.

Қарақалпақстан хабар агентлиги