Президент Шавкат Мирзиёев 13-май күни көмир қазып шығарыўды арттырыў режелериниң презентациясы менен танысты.
Халық ҳәм экономиканың өсип атырған талабын тәмийинлеў ушын энергетиканың барлық бағдарлары раўажландырылмақта. Соның ишинде, белгили тармақларда көмирден пайдаланыў қолайлы келеди. Есап-санақларға бола, елимиздеги көмир резервлери дерлик 2 миллиард тоннаны қурайды.
Бул имканият иске қосылып, көмир қазып алыў көлеми избе-из арттырып келинбекте. Атап айтқанда, 2016-жылы бул көрсеткиш жылына 4 миллион тоннадан аз болған болса, 2023-жылы 6 миллион 550 мың тоннаға жетти.
Мәмлекетимиз басшысы кәнлерге инвесторларды тартып, жаңа жойбарларды әмелге асырыў зәрүр екенин айтқан еди. Өткен жылы бул бағдарда сезилерли жылжыў болып, исбилерменлер тәрепинен 369 мың тонна көмир қазып шығарылды.
Презентацияда тараўдағы режелер ҳаққында да мәлимлеме берилди. Атап өтилгениндей, усы жылы көмир қазып шығарыў 8 миллион тоннаға жеткериледи. Соннан 900 мың тоннасы исбилерменлер тәрепинен алынады. «Шарғункөмир» акционерлик жәмийетинде жылына 500 мың тонна көмирди байытыў үскенеси иске қосылады.
Сурхандәрья, Қашқадәрья ҳәм Ташкент ўәлаятларындағы төрт майданда геология жумыслары алып барылмақта ҳәм келеси жылы қазып шығарыўға қаратылады.
Соның менен бирге, алдынғы сырт ел тәжирийбесин қолланған ҳалда көмир қатламларын баҳалаў ҳәм бурғылаў жумыслары даўам еттирилмекте. Булардың нәтийжесинде 2025-жылы көмир қазып шығарыў көлемин 10 миллион тоннаға жеткериў режелестирилген.
Жуўапкерлерге тараўда халықаралық стандартларды енгизип, көмирдиң сапасын арттырыў, инвестициялық жойбарларды жеделлестириў бойынша көрсетпелер берилди.
ӨзА