Шымбай районында «Бес баслама олимпиадасы» шеңберинде футбол бойынша Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети кубогиниң районлық басқышы болып өтти.

Оған районның барлық 4 секторынан жеңимпаз командалар қатнасты.

Қызықлы өткен жарыстың финалында  Жипек жолы мәкан пуқаралар жыйыны ҳәм Қамысарық аўылының командалары өз-ара ушырасып, ойынның тийкарғы ўақты ҳәм қосымша таймларында есап ашылмады.

Буннан соң төрешилер тәрепинен пенальтилер сериясына нәўбет берилип, онда 5:4 есабында  Жипек жолы мәкан пуқаралар жыйынының командасы жеңиске еристи ҳәм жарыстың республикалық басқышына жолламаны қолға киргизди.

Жарыс соңында жеңимпаз командалар арнаўлы кубок, медаль ҳәм естелик саўғалар менен сыйлықланды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги