Ташкент мәмлекетлик аграр университетиниң Нөкис филиалында Исбилерменлер ҳәрекети – Өзбекстан Либерал-демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси тәрепинен Өзбекстан Республикасы Конституциясының 26 жыллығы мүнәсибети менен «Конституция – бахтымыз таянышы» атамасында ушырасыў өткерилди. Оған филиалдың профессор-оқытыўшылары, студентлер, партия белсендилери болған фермерлер ҳәм аўыл хожалығы қәнигелери қатнасты.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы, партияның Қарақалпақстан Республикалық Кеңесиниң баслығы С.Турманов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, жыйналғанларды байрам менен қызғын қутлықлап, Конституция, оның жазылыў тарийхы, Бас нызам тийкарында елимиздиң раўажланыўындағы жетискенликлерге кеңнен тоқтап өтти.

Атап өтилгениндей, Конституциямыз ҳәм оған тийкарланып қабыл етилген нызамлар елимиздиң турақлы түрде раўажланыўына хызмет етпекте. Тийкарғы нызамымызда улыўма тән алынған демократиялық принциплер менен бирге халқымыздың бийбаҳа қәдриятлары ҳәм бай мәмлекетшилик тәжирийбелери жәмленген. Онда белгиленген нызам үстинлиги принципи жәмийетимизде инсан ҳуқықлары менен еркинликлерин тәмийинлеўдиң, реформаларды нәтийжели әмелге асырыўдың әҳмийетли кепили болып саналады.

Сондай-ақ, Президентимиздиң тиккелей басшылығында барлық тараўлар сыяқлы аўыл хожалығы тараўын еле де раўажландырыў, өндиристи, жеке мүлк ийелери қатламын қәлиплестириў және олардың нәтийжелилигин тәмийинлеў мақсетинде басқышпа-басқыш реформалар әмелге асырылып келинбекте.

Президентимиз тиккелей басламасы менен декабрь айының биринши он күнлиги – «Аўыл хожалығы хызметкерлери күни», деп белгиленди. Бул болса, өз гезегинде елимиздеги аўыл хожалығы тараўында жемисли мийнет етип атырған фермерлерге болған айрықша итибардың белгиси болып есапланады.

Партия электораты ўәкиллериниң тийкарғы ўазыйпасы да исбилермен ҳәм фермерлердиң мәплерин ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаўдан ибарат.

Елимиздиң экономикалық турақлылығын ҳәм халықтың ылайықлы турмыс кешириўин тәмийинлеўде фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери ушын қолайлы исбилерменлик орталығын жаратыў, олардың жер майданларынан үнемли пайдаланыў мәселеси айрықша орын ийелейди.

Өткерилген ушырасыў даўамында тараў қәнигелериниң жоқарыда келтирилген мәселелер бойынша баянатлары тыңланып, партияға жаңадан ағза болған пуқараларға ағзалық билетлери тапсырылды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.