Өзбекстан Республикасының Ҳиндистандағы елшиханасында «Өзбекстан: Раўажланыў стратегиясы 2017-2021. Жедел реформалар» темасында дөгерек сәўбети болып өтти.

Илаж «Раўажланыў стратегиясы» орайы, «Ҳиндистан – Өзбекстан» дослық жәмийети, Жамия миллий исламия орайлық университети, Жавоҳарлал Неру атындағы университет және «Ҳиндистан – Орайлық Азия» изертлеў қоры менен биргеликте шөлкемлестирилди.

Онда Ҳиндистанның аналитиклери, академиклери, бизнес топарлары ҳәм ҒХҚ ўәкиллери, жоқары оқыў орынларында билим алып атырған өзбекстанлы студентлер қатнасты. Сондай-ақ, видеоконференция арқалы «Раўажланыў стратегиясы» орайының директоры Акмал Бурхонов ҳәм елимиздеги мәпдар уйымлардың ўәкиллери де қатнасты.

Илаж шеңберинде ҳинд тилиндеги «Өзбекстан: раўажланыў стратегиясы 2017-2021. Жедел реформалар» китабы менен таныстырыў болып өтти. Китап Жамия миллий исламия орайлық университетиниң өзбек тили кафедрасының профессоры Шаҳида Таслима тәрепинен «2017-жыл – Жедел реформалар жылы» баспасы тийкарында таярланған.

Дөгерек сәўбетинде ҳиндистанлы экспертлер Өзбекстанда қабыл етилген Ҳәрекетлер стратегиясы елимизде турақлы ҳәм жедел раўажланыўды тәмийинлейтуғын кең көлемли бағдарлама екени атап өтилди. Соның ишинде, Жавоҳарлал Неру атындағы университет профессоры Санжей Пандейдиң пикиринше, «Өзбекстан: раўажланыў стратегиясы 2017-2021. Жедел реформалар» китабының ҳинд тилинде басып шығарылыўы ҳинд жәмийетшилигин Өзбекстанда жүз берип атырған өзгерислер менен және де кеңирек таныстырыўда әҳмийетли әмелий роль атқарады.

– Кең көлемли ҳәм жедел реформалар шараятында Өзбекстанның  Орайлық Азия регионындағы орны ҳәм әҳмийети барған сайын артып бармақта, – деди С.Пандей. – Ҳиндистан ушын Өзбекстан регионаллық сөйлесиў, экономикалық ҳәм сиясий бирге ислесиўди раўажландырыў, жаңа транспорт коридорларын жаратыў ҳәм мәдений байланысларды кеңейтиўде тийкарғы шериклерден есапланады.

«Ҳиндистан – Орайлық Азия» изертлеў қорының Орайлық Азия бойынша эксперти Нирмала Джоши Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёев жүргизип атырған ашық-айдын ҳәм конструктивлик сиясат регионда өз-ара исеним орталығын жаратыўда әҳмийетли фактор болып хызмет ететуғынын атап өтти. Делиде Өзбекстан басшылығының Орайлық Азияда турақлылық ҳәм беккем раўажланыўды тәмийинлеў бағдарындағы басламалары ҳәм әмелий ҳәрекетлери унамлы баҳаланатуғынын атап өтти.

«Ҳиндистан – Орайлық Азия» изертлеў қорының эксперти Ашок Шарманың пикиринше, Ҳәрекетлер стратегиясында белгиленген әҳмийетли ўазыйпалардың турмысқа енгизилиўи Өзбекстанның региондағы үлкен сиясий ҳәм экономикалық потенциалын толық жүзеге шығарыўға хызмет етеди.

Ҳиндистанның Өзбекстандағы бурынғы елшиси, Дели университетиниң профессоры Сканд Таял мәмлекетлеримиз арасындағы қатнасықларға тоқтап өтти.

– Өзбекстан Президентиниң Ҳиндистанға мәмлекетлик сапары ўақтында ерисилген келисимлер көлеми бойынша тарийхый ҳәм көлеми жағынан үлкен әҳмийетке ийе. Олардың әмелге асырылыўы мәмлекетлеримиз арасында стратегиялық бирге ислесиўди буннан былай да беккемлеўге хызмет етеди. Ҳәрекетлер стратегиясы шеңберинде Дели ҳәм Ташкент инвестициялар, мәмлекетлик басқарыў, мәлимлеме технологиялары, электрон ҳүкимет, билимлендириў ҳәм басқа да тараўлар бойынша жедел бирге ислесиўи мүмкин, – деди С.Таял.

– Бүгинги күнде Өзбекстанда жәмийетти модернизациялаў ҳәм экономиканы буннан былай да либералластырыў бағдарында кең көлемли реформалар әмелге асырылмақта. Булардың бәри Өзбекстанның сырт еллер, атап айтқанда, Ҳиндистан менен өз-ара пайдалы бирге ислесиўин тереңлестириўде жаңа имканиятлар есигин ашады, – деди Шарда халықаралық бирге ислесиў университети департаментиниң басшысы Ашок Даряни. – Биз де, өз гезегинде, Өзбекстанның турақлы раўажланыў процессине өз үлесимизди қосыўға таярмыз. Сол мақсетте Өзбекстанда университетимиздиң филиалын ашыў ҳаққында қарар қабыл еттик.

 

ӨзА