Ҳәр қыйлы жоллар менен жасырын түрде алып келинетуғын дәри-дәрмақлар адамларды саўалландырыўдың орнына олардың кеселлигин бурынғыдан да бетер күшейтиўи мүмкин.

Бирақ, усы әпиўайы ҳақыйқатты тән алмайтуғын айырым адамларды пуқараларымыздың саламатлығы емес, ал, сапасыз дәри-дәрмақлардан түсетуғын пайда көбирек қызықтырады. Бул – оғада ашынарлы жағдай.

Қарақалпақстан Республикасы Бажыхана басқармасы Мәлимлеме хызметиниң мағлыўматларына қарағанда, жақында, усы басқарманың Контрабанда ҳәм бажыхана нызамшылығы бузылыўына қарсы гүресиў бөлими хызметкерлериниң алып барған оператив илажы ўақтында усындай бир қатар фактлер анықланған.

Атап айтқанда, олар тәрепинен «Даўыт ата» шегара бажыхана посты арқалы кирип келген пуқара Б.Ф.ның басқарыўында болған «Нексия» автомашинасы тексериўден өткерилгенинде, жолаўшы бажыхана декларациясында көрсетилмеген, дәслепки есаплаўларға қарағанда баҳасы 71 миллион сумға шамалас гигиеналық буйымлар ҳәм ҳәр қыйлы хожалық буйымлары бар екенлиги белгили болған.

Сондай-ақ, «Қарақалпақстан» темир жол станциясында 324-санлы «Волгоград-Ташкент» жолаўшы поездында пуқара Р.Д.ға тийисли болған, вагонның көмир сақлаў ушын белгиленген жеринде, тийелген көмирлердиң астына қупыя түрде бажыхана қадағалаўынан жасырып қойылған полиэтилен қалталарда баҳасы 23 миллион сумлық стоматологиялық үскенелер бар екенлиги анықланды.

Ҳәзирги ўақытта бул бағдардағы илажлар даўам етпекте.

Бажыхана басқармасы пуқаралардан усындай нызамбузыўшылық ямаса бажыхана хызметкерлериниң нызамсыз ҳәрекетлери белгили болса, басқарманың 0-361-224-02-68 «Исеним телефоны»на мәлим етиўин сорайды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.