Мәмлекетимиз басшысының Қарақалпақстанға ҳәр бир сапар етиўи бул аймақта экономиканы раўажландырыў, қарақалпақ халқының социаллық турмысын жақсылаўға қаратылған бир қатар жойбарлар, режелер, усыныслары менен ҳәр бир пуқараның кеўлинде жаңа арзыў-нийетлердиң артыўын, бахытлы келешекти усы бүгин көрип жасап атырғанлығын және бир мәрте көрсетеди. Ҳүрметли Президентимиз Ш.Мирзиёевтиң Қарақалпақстан халқына болған шексиз итибары ҳәм меҳри бул аймақты және де абат, және де пәраўан етиў ушын алып барылып атырған кең көлемли жумысларда өз көринисин таппақта.
Бизге белгили, кейинги еки жылда Өзбекстан тек ғана жаңаланып, жасарып қоймастан, ал пүткил дүньяны өзине қаратты. Халқымыз бир ўақытлары узақ Европаның раўажланған мәмлекетлерине барып көриўди ҳәўес ететуғын еди. Бүгин болса пүткил дүнья Өзбекстанға умтылмақта. Усы еки жылда елимиз үлкен дөретиўшилик майданына айланғаны сыр емес. Қуўанышлысы, сол, бул дөретиўшилик жумыслар бириншилерден болып Қарақалпақстанда өз көринисин тапты. Мәмлекетимиз басшысы өзиниң сапар етиўи даўамында әне сол дөретиўшилик жумыслардың нәтийжеси болған бир қатар жойбарлар өз нәтийжесин бергенин көрсетип өтип, қарақалпақ халқы менен нәўбеттеги ушырасыў жаңа режелер, жаңа ўазыйпалар ҳәм жаңа басламалар менен және де нәтийжели болатуғынын атап өтти.
Халқымыз бүгин Президентимиздиң тиккелей басламасы ҳәм итибары нәтийжесинде Қарақалпақстанның социаллық-экономикалық турмысы, елимиздиң келбети пүткиллей жаңаланғанлығын, өзгергенлигин қуўаныш пенен тән алмақта. Абат аўыллар, абат мәҳәллелер көркем және саўлатлы имаратлар, сейил етиў орынлары, қыябанлар пайда болды. Жер асты, жер үсти байлықлары Президентимиздиң жаңа режелери ҳәм Қарақалпақстанға бағдарланып атырған сырт ел инвестициялары менен санаат тараўын раўажланыў басқышына көтериўде әҳмийетли фактор болмақта. Исбилерменлердиң барлық тараўларда ислеп атырған мийнетлери халықтың абаданлығын арттырмақта, дастурханларын толтырмақта.
Қарақалпақстанның жаңаланған турмысы дослық-тилеклеслик, инсанлардың мийрим-шәпәәти, киятырған ҳәр бир жаңа күнниң үлкен мақсетлерге толып турғанлығы, халқымыз өз бахытын, келешегин бүгин көрип атырғанлығы олардың өз турмысынан разы ҳәм Президентимизден миннетдар болғанлығында көринбекте.
Айрықша бир қуўаныш пенен атап өтиў керек, халықшыл, адамлардың дәрти ҳәм тәшўиши, қуўаныш ҳәм арзыў-нийетлерин сезе алатуғын, адамгершиликли Президентимиз Нөкис қаласының көшелерин айланып жүрип, жас жубайлар тойының қатнасыўшысы болды. Тойға жыйналғанлар ортада мәмлекетимиз басшысын көрип, бәринен бурын өз көзлерине исенбеди. Жас келин Ҳүрлиман Арзиева, күйеў Султан Тореновлар өз тағдири бир күтилмеген ўақыя менен бахытқа толғанын, сондай бахытлы елдиң перзенти екенликлерин ҳәм усы елдиң хызмети ушын жанын пидә етиўге таярлығын атап өтти. Президентимиздиң бул жас шаңараққа жаңа турақ жай саўға еткени олардың кейинги турмысларында усы ел тағдири ушын жуўапкершилигин және де арттырды. Мен дөретиўши сыпатында Президентимиздиң республика белсендилери менен ушырасыўындағы халқымыз абаданлығын жоқарылатыў жолында реформалардың избе-из даўам еттирилип атырғанлығы, жаңа жойбарлар адамлардың турмыс дәрежесин және де жоқарылатыўға хызмет етиўи керек екенлиги ҳаққындағы баянатын тыңлар екенмен, Қарақалпақстан халқын қаншелли үлкен бир бахыт, тыныш-татыў, абадан турмыс күтип атырғанын сезиндим. Дөретиўши сыпатында аймақтың социаллық-экономикалық тараўларды және де жоқарылатыўға қаратылған жаңа жойбарлар, жаңа режелер, басламалар ҳәм усыныслар бизлер жарататуғын жаңа әсирлерге тема болатуғынын ҳәм биз бундай жаратыўшылық мийнети менен қаҳарманлық көрсетип атырған ҳәр бир инсан турмысын қәлемге алып, тарийх бетлеринде қалдырыўымыз керек екенлигин уғындым.
Усы жерде Президентимиздиң алдыңғы сапарынан кейин Нөкисте бой тиклеген Ибрайым Юсупов атындағы жас талантлылар мектеби оқыўшыларының дөретиўшиликтеги жетискенликлерин еследим. «Қарақалпақ әдебияты» газетасының бетлеринде жети жастан тоқсан жасқа шекем болған бир қатар жаңа дөретиўшилердиң аты пайда болғанлығын айтып өтпекшимен. Бул халқымыздың Президентимиз алып барып атырған ишки ҳәм сыртқы сиясатынан разы болып жасап атырғанлығы, жаңаланып атырған турмыс, жасқа да, кексеге де илҳам берип атырғанылығының дәлийли болып табылады.
Биз дөретиўшилер бундай жаңаланып атырған турмысты Президентимиздиң халық ушын етип атырған жақсылықларын әлбетте қәлемге аламыз. Биз бул жумысларды Мойнақ районынан баслаўымыз керек деп ойлайман. Әсиресе, елимиздиң ең арқасында жайласқан «Қарақалпақстан» қалашасының пүткиллей жаңа көрниниске киргенлиги, бул жерде жасаўшы ҳәр бир пуқара: «Бизиң қалашамыз Өзбекстанның Қазақстан менен шегаралас аймағы. Басқа елден бул аймақ арқалы Өзбекстанға кирип келген ҳәр бир адам қалаша көринисинде, желбиреп турған мәмлекетимиз байрағына, нур шашып турған гербине көзи түсип, бизиң елимиздиң жайнап, жаңаланып атырғанлығының гүўасы болады. Биз Президентимизден тек ғана миннетдармыз, биз мәмлекетимиз басшысы тымсалында бахытлы елимизди, инсанлардың бир-бирине болған дослық меҳирин, аўызбиршилигин сеземиз. Тарийхымызды аңлаймыз, әсиресе қарақалпақ халқына болған шексиз ғамхорлық, миллет абырайын ҳәм қәдирин соншелли көклерге көтерип атырғанлығынан қуўанышлымыз» деп, өз турмысларынан разы болып жасамақта.
Президентимиздиң Мойнақ районына сапары ҳәм район буннан кейин пүткиллей жаңаланыўы ҳаққындағы көрсетпелери – санаат тараўында 12, аўыл хожалығында 5, халыққа хызмет көрсетиў бойынша 12 үлкен жойбарлардың әмелге асырылыўы бул районның жигирма биринши әсир талапларына жуўап беретуғын жаңа бир көриниси, жаңа абадан турмысының басланып атырғанынан дәрек береди. Булардың ҳәммеси ҳәр бир дөретиўши ушын үлкен илҳәм дәреги болатуғыны, сөзсиз.
Биз билемиз, Арал теңизиниң қурыўы ақыбетлерин жумсартыў теңиздиң шорланған жерлеринде илимий изертлеў жумысларын алып барыў, экосистеманы жақсылаў Аралдың қурыған бөлегинде тоғайлар жаратыў, шарўашылықты раўажландырыў бойынша да Қарақалпақстанда үлкен жойбарлар тийкарында әмелий жумыслар алып барылады.
Президентимиз «Арал апатшылығынан ең көп зыян көрген негизинде усы-Мойнақ халқы деп атап өтти. Мойнақлылардың сабыр-тақаты, ўатан сүйгишлиги ушын рахмет айтыўымыз соған мүнәсип хызмет етиўимиз керек» деди. Бул қуры сөзлер емес. Әсиресе, Мойнақта келеси жылы 20 көп қабатлы турақ жайлар қурылып жаңа қалаша қурылыўы ҳаққындағы ўазыйпалар мойнақлыларды шексиз қуўандырды.
Қарақалпақстанлылар ертеңги күнге исенбекте. Себеби, Президентимиздиң Өзбекстанның Қытай, Қубла Корея, Япония, Кувейттеги елшилери тәрепинен Қарақалпақстанда ири жойбарлар тийкарында әмелге асырылатуғын инвестициялардың есабынан цемент, лак-бояў, алюмин фольгасын, ислеп шығаратуғын заводлардың иске қосылыўы пикиримизди дәлийллейди. Халқымызға медициналық жәрдем көрсетиў сапасы жақсыланбақта, мектепке шекемги билимлендириў мәкемелериниң жумысы кеңейтилмекте, жас кадрларды тәрбиялаў мақсетинде Нөкис қаласында жаңа типтеги Президент мектеби қурылады. Соның менен бирге 2400 орынлық 7 мектеп жаңадан бинят етиледи.
Булардың ҳәммеси Қарақалпақстанның турмысы, жасаў тәризиниң жаңаланып атырғанлығы, елимиздиң азат ҳәм абат, турмысымыздың буннан былай да абадан, халқымыздың бахыты шексизлигиниң тымсалы болып есапланады.
Гүлистан АННАҚИЛИЧЕВА,
Қарақалпақстан халық шайыры,
Олий Мажлис Сенаты ағзасы.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.