Социаллық тармақларда намәлим шасхлар прегабалин ҳәм трамадол сатыўшыларын шешиндирип, кеширим сораўға мәжбүрленгени сәўлеленген ролик тарқалды. Бул ҳаққында Repost.uz ға тийкарланып Daryo.uz хабар берди.

Кадрлар артындағы даўысларға қарағанда, самосудты шөлкемлестирген жигитлер еки еркекти жәмийетке қарсы жынаятта айыплаған. Процесс басынан баслап видеоға түсирилген, шешиндирилген еркеклердиң мойнында болса кеширим соралған жарлықлар асылған.

«Лирика» сатыўшыларды Әмир Темур бағына алып шығып, сазайын бериў менен қорқытқан.

Бул ролик ҳуқық-қорғаў мәкемелериниң итибарына түскени билдирилмекте.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги