Президент Шавкат Мирзиёев 24-октябрь күни жоқары билимлендириў тараўында және де раўажландырыў мәселелерине арналған жыйналыс өткерди. Бул ҳаққында ҳуқықтаныўшы Хушнудбек Худайбердиев өз каналында мәлим етти.

– Экономика жеделлик пенен раўажланып атырған бир ўақытта жоқары билимлендириў системасы раўажланыўдың локомотиви болыў орнына, заман менен бирдей қәдем атпай атырғаны аянышлы. Мийнет базарындағы қурамлық өзгерислерге жуўап беретуғын, жасларымызға кәсип-өнер үйрететуғын, оларда исбилерменлик көнликпелерин қәлиплестиретуғын система жоқ десек, бул да ашшы ҳақыйқат, – деп атап өтти мәмлекет басшысы.

Сол себепли тараўдағы кешиктириўге болмайтуғын ўазыйпаларды орынлаў бойынша төмендеги тапсырмалар берилди:

– студентлерди қабыллаўдың әпиўайыластырылған системасын енгизиў арқалы қабыллаў процесин квота системасынан мәмлекетлик буйыртпа ҳәм дифференциалластырылған төлемли контракт системасына өткериў;

– ЖООлардың халықаралық абыройын арттырыў, педагог кадрлардың илимий-педагогикалық хызметин мүнәсип хошаметлеў мақсетинде орайласқан қаржыландырыўдан өзин-өзи қаржыландырыў және экономикалық ғәрезсиз системаға өтиў;

– ректорлар ҳәм проректорларды тайынлаўды әпиўайыластырыў, профессор-оқытыўшылар хызметин турақлы баҳалаў, мәнзилли хошаметлеў, миннетлеме ҳәм жуўапкершилигин арттырыў системасын жаратыў;

– Өзбекстан ректорлар кеңеси хызметин де түпкиликли жетилистириў;

– ректорлардың тәжирийбесин баҳалаў, бунда олардың руўхый-ағартыўшылық ҳәм илимий потенциалына айрықша итибар бериў;

– сырт еллерде оқып атырған жаслардың елимизге қайтып келиўине шараят жаратыў мақсетинде сырт ел ЖООлары дипломларын тән алыў ҳәм нострификациялаў тәртибин және де әпиўайыластырыў;

– студентлер билимин баҳалаў, оқыў бағдарламалары ҳәм әмелдеги тәлим-тәрбия системасын жетилистириў.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.