16-ноябрьден баслап Өзбекстанда газ, свет ҳәм бензин баҳасы көтериледи, деп жазылған Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң «Жанар май-энергетика ресурсларына баҳалар ҳәм тарифлердиң өзгериўи ҳаққында»ғы қарары жойбарында.
Ҳүжжет Өзбекстан Республикасы нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлердиң жойбарларын додалаў порталында жәмийетшилик додалаўына қойылған.
Оған муўапық, 2018-2019-жыллары тарифлер ҳәм баҳалардың өзгериў кестеси белгиленбекте.
Солай етип, тәбийғый газдың тарифи (ҚҚС есапланған жағдайда, 1 куб метрине): есаплаў әсбаплары болғанда халықтың коммуналлық турмыслық зәрүрликлери ушын:
2018-жыл 16-ноябрьден баслап – 320 сум;
2019-жыл 1-июньнан баслап – 350 сум.
Есаплаў әсбаплары болмаған жағдайда халықтың коммуналлық турмыслық зәрүрликлери ушын:
Аўқат писириў ҳәм ыссы суў тәмийнаты ушын:
2018-жыл 16-ноябрьден баслап – 553 сум;
2019-жыл 1-июньнан баслап – 605 сум.
Электр энергиясының баҳасы (ҚҚС есапланған жағдайда, 1 кВт саат ушын):
2018-жыл 16-ноябрьден баслап – 331 сум (ҳәзирде 228 сум);
2019-жыл 1-июньнан баслап – 370 сум.
Автобензин ҳәм дизель жанар майы:
Аи80 маркалы автобензин – 4000 сум/литр;
Аи91 маркалы автобензин – 4500 сум/литр;
Дизель жанар майы – 4800 сум/литр;
ЭКО маркалы дизель жанар майы – 4900 сум/литр.
Ислам Матеков,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.