Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты тарийх-география факультети оқытыўшысы Абдуллаев Анвар Атамуратович 07.00.01 – Өзбекстан тарийхы (тарийх пәнлери) қәнигелик шифры бойынша философия докторы (PhD) илимий дәрежесин алыў ушын «Әмиўдәрья бөлиминде сиясий-административлик басқарыў ҳәм суд-ҳуқық системасындағы өзгерислер» (1873-1924-жж.) атамасындағы илимий докторлық диссертациясын табыслы қорғады.
Илимий басшысы тарийх илимлериниң докторы, профессор Доно Зияева басшылығында алып барылған изертлеў жумысының мақсети, XIX әсирдиң ақыры ҳәм XX әсирдиң биринши шерегинде (1873-1924-жыллар) Әмиўдәрья бөлиминде үстемлик еткен колониялизм ҳәм совет дәўириндеги сиясий-административлик басқарыў системасы және суд-ҳуқық тараўындағы өзгерислерди салыстырмалы түрде анализлеўден ибарат.
Ислам Матеков,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.