Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясы Кеңеси тәрепинен көп жыллардан берли ҳәр еки жылда бир мәрте нәтийжели мийнет етип киятырған ҳәр түрли кәсип ийелерин хошаметлеў мақсетинде «Өз кәсибиниң шебер ийелери» атамасында сыйлықлаў илажлары өткерилип келинбекте.

Бунда, белгили бир тараўда, кәрханада көп жыллардан берли нәтийжели мийнет етип киятырған, өз тараўында салмақлы жеңислерге ерискен, «Устаз – шәкирт» дәстүри тийкарында өз кәсибиниң сырларын жасларға үйретип, кәсипке таярлап, мийнет жәмәәти арасында абырай-итибарға ийе болған, мәмлекетимизде түрли тараўларда алып барылып атырған кең көлемли реформалардың мазмун-мәнисин дурыс аңлап, оларды бәрқулла қоллап-куўатлап киятырған кәсип ийелери сыйлықланады.

Бул илаждың биринши басқышы усы жылдың август айында өткерилген еди. Усы басқышқа республикамыз бойынша 2154 қәниге қатнасып, олардан 526 хызметкер сыйлықланды. Екинши басқышта түрли тараўларда мийнет етип киятырған ҳәр қыйлы кәсип ийелери арасынан таңлап алынған 282 қатнасыўшы кейинги басқышта қатнасыў ҳуқықын қолға киргизип, мүнәсип хошаметленди.

Усы жыл 19-октябрь күни Қарақалпақстан кәсиплик аўқамлары шөлкемлери бирлеспеси Кеңесинде гезектеги үшинши, республикалық басқыштың жеңимпазларын сыйлықлаў мәресими өткерилди.

Онда ҳәр бир тараў бойынша жуўаплы шөлкемлестириўшилер, бирлескен комитетлер ҳәм бирлеспе Кеңеси хызметкерлери қатнасты.

Үшинши басқыштың жеңимпазлары болған 29 өз кәсибиниң шебер ийелери Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясы Қарақалпақстан кәсиплик аўқамлары шөлкемлери бирлеспеси Кеңеси тәрепинен сыйлықланып, оларға шөлкемлестириўшилер тәрепинен таярланған арнаўлы диплом ҳәм естелик саўғалары тапсырылды.

– Өткен жылы мийнетлерим есапқа алынып, маған Өзбекстан Республикасы Конституциясының 25 жыллығы мүнәсибети менен «Көкирек белгиси» берилген еди. Медициналық бирлеспемизде соңғы жыллары үлкен өзгерислер болды. Материаллық-техникалық базамыз беккемленди. Аўыллық жерлердеги шыпакерлик пунктлеримиз бенен шаңарақлық поликлиникаларымыздың да халыққа медициналық хызмет көрсетиўиниң сапасы жақсыланбақта. Мине, быйыл да қуры қол қалмадық. Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясы Кеңесиниң «Өз кәсибиниң шебер ийеси» үшинши Қарақалпақстан Республикалық басқышында жеңимпаз болдым. Миннетдарман, халыққа хызмет көрсетиўде еле де аянбай мийнет ете беремиз,-дейди Қоңырат районлық медицина бирлеспеси баслығының орынбасары Ш.Қдырбаев.

Солай етип, 29 жеңимпаз келеси басқышқа жоллама алды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.