«Өзэкспоорай»да 18-октябрь күни Өзбекстан Республикасы менен Россия Федерациясы арасындағы биринши регионлараралық бирге ислесиў форумы өз жумысын баслады.

Илаждың ашылыўында Өзбекстан Республикасы экономика министри Ботир Хўжаев, Россия Федерациясының мәмлекетимиздеги Айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Владимир Тюрденев, Россия аўыл хожалығы министриниң орынбасары Сергей Левин шығып сөйледи.

Атап өтилгениндей, мәмлекетлеримиздиң ҳәр қыйлы тараўлар бойынша бирге ислесиўи кеңейип, экономикалық байланыслар избе-из раўажланбақта. Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң 2017-жыл апрель айында Россияға мәмлекетлик сапары бирге ислесиўди  жаңа басқышта даўам еттириў имканиятын берди. Өз-ара товар алмасыўдың көлеми избе-из артпақта. Атап айтқанда, кейинги ўақытларда аўыл хожалығында бул көрсеткиш еки есеге өскен. Бүгинги күнде елимиз саўда айланысының дерлик 18 проценти Россияның үлесине туўра келеди.

Форум еки мәмлекет министрликлери менен уйымлары, аймақлары басшылары, исбилермен ҳәм бизнес топарлары  ўәкиллериниң ушырасыўы менен басланды. Онда мәмлекетлеримиз аймақларының экспорт потенциалы, Өзбекстандағы жаңа экономикалық зоналардың перспективалары, сырт ел инвестицияларын тартыў тараўы нызамшылығын жетилистириў мәселелери бойынша пикир алысылды.

Илаж сессия мәжилислеринде даўам етти. «Өзбекстан – Россия» регионаллық бирге ислесиўи: жойбарлар ҳәм кластерлердиң жаңа басқышы» темасында болып өткен сессияда Өзбекстан санаатында кластер усылын қолланыў тәжирийбеси ҳәм перспективалары, санаат кластерлери кәрханаларының бәсекиге шыдамлылығын тәмийинлеў, инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў ҳәм саўда-экономикалық бирге ислесиўди тереңлестириў сыяқлы мәселелер додаланды. Мәжилисте санаат ҳәм илимий-техникалық тараўларға инвестицияларды тартыў бойынша қолайлы шараят жаратыў, технопарклер ҳәм кластерлерди раўажландырыўға айрықша итибар қаратылды. Сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Экономика министрлиги менен Россия кластер ҳәм технопарклери ассоциациясы арасында бирге ислесиў ҳаққындағы келисимге қол қойылды.

«Цифрлы трансформация –  Өзбекстан ҳәм Россия ушын жаңа ҳақыйқатлық» атамасындағы сессия мәжилиси еки мәмлекетте цифрлы экономиканы раўажландырыў мәселелерине бағышланды.

Бүгинги күнде мәмлекетлеримиздиң мәлимлеме коммуникациялары тараўындағы қатнасықлары бир қатар әҳмийетли бағдарларда алып барылмақта. Телекоммуникациялар тармақлары ҳәм почта байланысын раўажландырыў, жоқары технологиялы санаат тармақлары ушын кадрлар таярлаў бойынша әмелге асырылып атырған жойбарлар солардың қатарына киреди. Атап айтқанда, «Өзбектелеком» акционерлик компаниясы көп жыллардан берли Россияның «Ростелеком», «ВымпелКом», «Мегафон» жәмийетлери менен бирге ислесип келмекте.

Мәжилисте цифрлы экономиканы буннан былай да раўажландырыўдың имканиятлары, экономиканың ҳәр қыйлы тармақларына заманагөй космослық технологияларды қолланыў, мәмлекетлик басқарыў системасын цифрластырыў, миллий мәлимлеме ресурсларын раўажландырыў сыяқлы мәселелер бойынша тармақлық компаниялар ўәкиллериниң пикирлери тыңланды. Қатнасыўшылар цифрлы экономика, МКТ қәнигелерин таярлаўда, жәмийетшилик пенен байланыслар бойынша кадрлардың маманлығын арттырыўда, цифрлы телевидениениң жумысын раўажландырыўда өз-ара бирге ислесиўди даўам еттириўге келисип алды.

Агросанаат комплексинде кооперациялық бирге ислесиўди раўажландырыў темасында шөлкемлестирилген әмелий семинарда аўыл хожалығы өнимлерин жетистириў ҳәм қайта ислеўдиң заманагөй усыллары, халықаралық нормалар бойынша бир тутас системаны дүзиўдиң перспективалары, экспорт бойынша транзит бағдарлары, қадақлаў ҳәм сертификатластырыў әмелияты мәселелери ҳәр тәреплеме көрип шығылды.

Өзбекстан жеринде жетистирилген мийўе-овощ өнимлерине дүнья базарында талап жоқары. Бул тараўды жедел раўажландырыў бойынша қабыл етилген нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер бундай өнимлердиң экспортын буннан былай да арттырыўға тийкар жаратпақта.

2016-жылы мәмлекетлеримиздиң аўыл хожалығы тараўында өз-ара товар алмасыў көлеми 20 процентке өсип, 398 миллион долларға жеткен. Кейинги ўақытларда бул көрсеткиш еки есеге өскен. Семинарда мәмлекетимизде жетистирилген, қайта исленген мийўе-овощ өнимлерин экспорт етиўдиң көлемин көбейтиў ҳәм түрин кеңейтиўге келисип алынды.

Форум даўамында қатнасыўшылар Россия тармақлық кәрханаларының экономикалық потенциалы, имканияты ҳәм әмелиятқа енгизген жойбарлары менен жақыннан танысыў  имканиятына ийе болды.

– Жерди космостан сүўретке алыў ҳәм сол арқалы илимниң раўажланыўына үлес қосыўға байланыслы изертлеўлерди қоллап-қуўатлаў жумысымыздың тийкарын қурайды, – дейди «Геоскан» компаниясының директоры Владислав Мисап (Россия). – Майданлар, қалалардың 3D көринисиндеги съемкаларын алыў арқалы қала қурылысын дурыс дүзиў, кадастр ҳүжжетлери, жоқары анықлықтағы сызылмаларды таярлаў мүмкин. Бул заманагөй архитектурада үлкен роль атқарады. Өзбекстанда қурылыс тараўында бул технологиялардан нәтийжели пайдаланылмақта. Форум пайдалы келисимлерге ерисиў ҳәм өз-ара пикирлеримиз бенен ортақласыў ушын қолайлы майдан болып хызмет етпекте.

Регионлараралық бирге ислесиў форумы шеңберинде Россияның «Спецтяжавтотранс», «Логрокон», «ITPS», «FerMA»,  «Дмтел-Сервис» сыяқлы компаниялары да өним ҳәм хызметлерин Өзбекстанның тутыныў базарына алып кириў бойынша өз жойбарлары менен таныстырыў мәресимин өткерди. Сондай-ақ, Россия энергетика ҳәм инженерлик тармақлық компанияларының потенциалы көрсетилди.

Атап өтилгениндей, Өзбекстан менен Россия арасындағы бирге ислесиў жаңа басқышта жедел раўажланбақта. Бул саўда-экономикалық, инвестициялық, илимий-техникалық ҳәм мәдений-гуманитарлық тараўлардағы қатнасықлардың беккемлениўинде, еки мәмлекеттиң мәплерине хызмет ететуғын жойбарлардың турмысқа енгизилиўинде өз көринисин таппақта.

Энергетика секторында да кең көлемли шерикликти беккемлеўге хызмет ететуғын өз-ара пайдалы илимий-техникалық жойбарлар әмелге асырылмақта. Мәмлекетимизде биринши атом электр станциясы қурылысы менен байланыслы процесслерде «Росатом» мәмлекетлик корпорациясы менен жолға қойылған оқыўлар буған айқын мысал.

Әнжуманда Россияның «НИПИГОРМАШ», «GIRAFFE», «Группа ГМС», «Интер РАО – инжиниринг» сыяқлы жетекши энергетика ҳәм инженерлик тармақлық компанияларының потенциаллы импорт шәртнамаларын жүзеге шығарыўға қаратылған таныстырыў мәресимлери өткерилди.

Россияның кран үскенелерин ислеп шығарыўға қәнигелескен «Giraffe» заводы ўәкилиниң атап өтиўинше, кәрхана 2017-жылдан баслап Өзбекстан базарына кең түрдеги өнимлерди жеткерип бермекте. Мәмлекетимизде объектлер менен имаратлардың қурылысында бул заводта ислеп шығарылған 8 тоннадан 16 тоннаға шекем жүк көтериў қуўатлылығына ийе кранлардан нәтийжели пайдаланылмақта.

Пайтахтымыздағы «Халықаралық саўда орайы»нда (ITC) Өзбекстан – Россия исбилерменлер кеңесиниң мәжилиси де шөлкемлестирилди. Онда еки мәмлекеттиң тийисли министрликлери ҳәм уйымлары, Ташкент қаласы, Ташкент, Самарқанд, Әндижан, Наманган ўәлаятлары, Россияның Москва, Санкт-Петербург қалалары, Татарстан Республикасы, Оренбург, Иванов, Ростов, Астрахан, Свердловск, Новосибирск, Тюмень, Ленинград, Нижегород, Пенза ўәлаятларының 300 ден аслам исбилермен топары ўәкиллери қатнасты.

Өзбекстан Республикасы Саўда-санаат палатасының баслығы А.Икрамов, Россия Федерациясы санаат ҳәм саўда министриниң орынбасары Г.Каламанов, Россия – Өзбекстан исбилерменлер кеңесиниң президенти, Россия Федерациясы Саўда-санаат палатасының басқарма ҳәм кеңеси ағзасы Ф.Дегтярев ҳәм басқалар 2005-жылдан берли жумыс алып барып атырған бул кеңес мәмлекетлеримиз исбилерменлери арасында жедел шериклик орнатыў ушын қолайлы шараят жаратыў, биргеликте инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў, кооперацияны раўажландырыў жолындағы тосқынлықларды сапластырыў имканиятын берип атырғанын атап өтти.

Мәжилисте Өзбекстан – Россия арасындағы саўда-инвестициялық, регионаллық ҳәм аймақлараралық экономикалық шерикликти буннан былай да раўажландырыў, мәмлекетлеримиздиң саўда айланысы көлемин арттырыў мәселелери кеңнен додаланды. Кооперация, өндирис, санаат, азық-аўқат, тоқымашылық, туризм, аўыл хожалығы, энергетика, транспорт-коммуникация ҳәм басқа да тараўлардағы бирге ислесиўди беккемлеўдиң перспективалары бойынша пикир алысылды. Россиялы исбилерменлери менен бирликте елимизде өндирис ҳәм транспорт-коммуникация инфраструктурасын модернизациялаў, финанс институтлары менен инвестициялық жойбарларды биргеликте әмелге асырыў мәселелерине үлкен итибар берилди.

Өзбекстан – Россия исбилерменлери кеңеси, Россия Федерациясы Финанс министрлиги, Саўда-санаат палатасы, Россия экспертлер кеңеси ҳәм мәмлекетимиздиң ҳүкиметлик структуралары, мәмлекетлик уйымлары, жетекши компанияларының ўәкиллери қатнасқан ашық сөйлесиў пайдалы келисимлерге бай болды. Онда саўда-экономикалық ҳәм инвестициялық бирге ислесиў, экспорт потенциалын кеңейтиўге бағышланған баянатлар тыңланды. Машина қурылысы ҳәм электротехника, тоқымашылық санааты, мәлимлеме коммуникациялары, денсаўлықты сақлаў, нефть-газ, химия, аўыл хожалығы ҳәм азық-аўқат, металлургия ҳәм кәншилик, қурылыс санааты сыяқлы тараўларда қоспа бағдарламаларды әмелге асырыўға байланыслы еки тәреплеме көплеген шәртнамаларға қол қойылды.

Әнжуман еки мәмлекет арасындағы бирге ислесиўди раўажландырыўдың әҳмийетли бағдарлары ҳәм перспективаларын белгилеп алыў, мәмлекетлеримиздиң саўда-инвестициялық, экономикалық, илимий-техникалық тараўлардағы стратегиялық шериклик қатнасықларын жаңа басқышқа алып шығыўға хызмет етеди.

Өзбекстан Республикасы менен Россия Федерациясы арасындағы биринши регионлараралық бирге ислесиў форумы 20-октябрьге шекем даўам етеди.

ӨзА