2017-жыл 2-октябрь күни Өзбекистан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты Кенгашиниң мәжилиси болып өтти.
Мәжилисти Олий Мажлис Сенатының Баслығы Н.Йулдошев басқарды.
Кенгаш Өзбекистан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының он екинши жалпы мәжилисин усы жылдың 4-октябрь күни Ташкент қаласында шақырыў ҳаққында қарар қабыл етти.
Сенаттың жалпы мәжилиси күн тәртибине елимизде алып бырылып атырған реформалардың нәтийжелилигин түп-тийкарынан арттырыўға, халықаралық бирге ислесиўди беккемлеўге, 2017-2021-жылларда Өзбекистан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясын Халық пенен пикирлесиў ҳәм инсан мәплери жылында әмелге асырыўға байланыслы Мәмлекетлик бағдарламаның избе-из орынланыўына қаратылған Өзбекистан Республикасының бир қатар нызамлары ҳәм мәселелер киргизилмекте.
Өзбекистан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 5-6-сентябрь күнлери Қырғызстан Республикасына мәмлекетлик сапар етиўи ўақтында ерисилген келисимлердиң өз ўақтында және толық әмелге асырылыўын тәмийинлеў бойынша әмелий ҳәрекетлер режесин («Жол картасы»н) орынлаў мақсетинде ислеп шығылған «Өзбекистан Республикасы менен Қырғызстан Республикасы арасында өзбек-қырғыз Мәмлекетлик шегарасы ҳаққындағы Шәртнаманы (Бишкек, 2017-жыл 5-сентябрь) ратификациялаў ҳаққында»ғы нызамның қабыл етилиўи әҳмийетли екенлиги Олий Мажлистиң жоқары палатасы ўәкиллери тәрепинен айрықша атап өтилди.
Усы ҳуқықый ҳүжжет Олий Мажлистиң Нызамшылық палатасында, соның ишинде, сиясий партиялар фракцияларында экспертлер және пуқаралық жәмийети институтларының ўәкиллери қатнасында ҳәр тәреплеме додаланып, усы жыл 28-сентябрь күни парламенттиң төменги палатасы тәрепинен қабыл етилди.
Нызам Сенаттың Халықаралық қатнасықлар, сыртқы экономикалық байланыслар, шет ел инвестициялары ҳәм туризм мәселелери комитети жанында дүзилген жумысшы топар тәрепинен илимий және экспертлер топарлары ўәкиллерин тартқан ҳалда дәслепки тәризде үйренип шығылды.
Нызам еки тәреплеме қатнасықларды буннан былай да раўажландырыў, жақын қоңсылар-Өзбекистан менен Қырғызстан арасында дослық ҳәм бирге ислесиўди беккемлеў ушын жаңа руўх бағышлайтуғыны атап өтилди.
Соннан келип шыққан ҳалда, Олий Мажлис Сенаты Кенгашиниң ағзалары усы нызамды мақуллаў ушын Сенаттың болажақ он екинши жалпы мәжилиси күн тәртибине киргизиў ҳаққында тийисли қарар қабыл етти.
Олий Мажлис Сенаты көрип шығыў ушын «Өзбекистан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы Өзбекистан Республикасы нызамы, Өзбекистан Республикасы нызам ҳүжжетлерине ҳәм халықаралық мийнет стандартларына муўапық пуқаралардың кепилленген мийнет ҳуқықларын тәмийинлеў ҳаққындағы мәселе де киргизилмекте.
Жалпы мәжилисте Өзбекистан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының ўәкиллигине киретуғын басқа да мәселерди көрип шығыў режелестирилмекте.
Олий Мажлис Сенаты комитетлери ҳәм аппаратының он екинши жалпы мәжилиске таярлық көриўге ҳәм оны өткериўге байланыслы жумысларын муўапықластырыў ушын Кенгаш тәрепинен жумысшы топар дүзилди.
Өзбекистан Республикасы Олий Мажлиси
Сенатының Мәлимлеме хызмети