АВС газетасында жазылыўынша, Испанияда ең аз мийнет ҳақыны 900 евроға шекем көтериўди нәзерде тутатуғын келисимге қол қойылды.

Ҳүкимет басшысы Педро Санчес ҳәм «Подемос» партиясының бас хаткери Павло Игласиас қол қойған келисим ҳүкиметтиң келеси жыл бюджетин белгилеўинде мәселени даўысқа қойыў имканиятын береди.

Ҳүжжетте ең аз мийнет ҳақыны 900 евроға көтериў белгиленген, тийкарынан «Подемос» бул муғдардағы 1000 евро етиўди талап еткен, ҳүкимет болса, 850 еврода қалдырыўды мақул көрген. Мәмлекетлик бюджет жойбарын Испания 15-октябрьге шекем Европа Аўқамына усыныўы керек.

ӨзА