«vestinfinfnce.ru»дың айтыўынша, АҚШ Президенти Дональд Трамп Ақ үйде теңиз экологиясын қорғаў бойынша жаңа нызам жойбарына қол қойғаннан соң, журналистлерге океан суўын «басқалардың» «ақылға сыймас көлемдеги» шығындылардан тазалаў Америка мойнына түсип атырғанын айтып өткен.

Трамптың сөзлерине муўапық, Япония ҳәм Қытай жылына      8 миллион тонна шығындыларды Тыныш океанға таслап, суўды патасландырмақта. «Ақылға сыймас көлемдеги» бул шығындылар АҚШ қырғақларына шекем жетип бармақта.

ҒХҚ Ақ үй басшысының сөзлеринен келип шыққан ҳалда, онда океандағы шығындылар тек ғана теңиз жанзатларына ғана емес, ал балықшылар, американың қырғақ бойы аймақларының экономикасына зыян жеткерип атырғаны айтылыды.

Трамптың және мәлим етиўинше, ол океандағы шығындылар менен байланыслы машқалаларға басқа еллердиң итибарын бир неше мәрте қаратқан.

Малохат Ҳусанова,

ӨзА