Тыныш океанындағы Курил атаўлары жақынында 6,8 баллы жер силкиниў жүз берди, деп хабар бермекте ТАСС АҚШтың геологиялық изертлеўлер орайының мағлыўматларына сүйенген ҳалда.
Жер силкиниў орайы Северо-Курилиск қаласынан 176 километр узақлықта, 33 километр тереңликте жайласқан. Ҳәзирше бул тәбият ҳәдийсеси ақыбетинде жәбирленгенлер яки зыянланғанлар ҳаққында хабар берилмеди.
Қубла-Сахалинск сейсмикалық станциясы ўәкилиниң сөзлерине қарағанда, жер силкиниўден соң Курил атаўлары жақынында айрықша жағдай жәрияланған.
ӨзА