Ҳәр жылы 1-октябрьде елимизде Муғаллимлер ҳәм устазлар күни кең түрде белгиленеди.

Усы мүнәсибет пенен өткерилген илаж қатнасыўшылары дәслеп пайтахтымыздағы Өзбекистан Қаҳарманы, Өзбекистан ҳәм Қарақалпақстан халық шайыры И.Юсупов атындағы қәнигелестирилген мектеп-интернаты алдыңдағы шайыр бюстине гүл қойды.

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында «Байрамыңыз мүбәрек, әзийз устазлар!» атамасында өткерилген байрам кешесине тараў ветеранлары, пидайы муғаллимлер менен устазлар, оқыўшы жаслар, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы Д.Қурбаниязов республикамыздың муғаллимлери менен устазларына  Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң байрам қутлықлаўын оқып еситтирди.

Буннан соң Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министри Қ.Бектурдиев, Елликқала районындағы 2-санлы мәмлекетлик қәнигелестирилген улыўма билим бериў мектебиниң ана тили ҳәм әдебияты пәни муғаллими И.Сейпанова,  Кегейли районындағы 5-санлы  мәмлекетлик улыўма билим бериў мектебиниң 10-класс оқыўшы Г.Базарбаева, Өзбекистан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының ағзасы, Қарақалпақстан халық шайыры Г.Аннақлычева сөзге шығып, жыйналғанларды байрам менен қызғын қутлықлады.

Атап өтилгениндей, келешек әўладты ҳәр тәреплеме билимли, руўхый ҳәм физикалық жақтан жетик инсанлар етип тәрбиялаўда муғаллимлер менен устазлардың мийнети айрықша. Сонлықтанда ғәрезсизликтиң дәслепки жылларынан баслап билимлендириў тараўын реформалаў, материаллық-техникалық базасын беккемлеў,  ҳүрметли және машақатлы кәсип ийелериниң пидайы мийнетин ылайықлы баҳалаўға айрықша итибар қаратылып келинбекте. Быйылғы жылдың өзинде 38 улыўма билим бериў мектебинде, 20 мектепке шекемги билимлендириў мәкемесинде жәми  54 миллиард 213,8 миллион сумлық қурылыс-оңлаў жумыслары алып барылды.

-Халқымыз зиялыларының алдынғы ўәкиллери болған сиз, ҳүрметли муғаллим ҳәм устазлар елимизде жәмийетлик-руўхый орталықты жақсылаў, жаслар арасында саламат турмыс тәризин қәлиплестириў, жәмийетимизде тынышлық ҳәм татыўлықты беккемлеў бойынша алып барып атырған жумысларымызды сапа жағынан жаңа басқышқа көтериў, турмыста өзин ақлаған мектеп, шаңарақ ҳәм мәҳәллениң бирге ислесиўине тийкарланған жәмийетлик системаның нәтийжесин арттырыўда белсене қатнасып, бәршеге өрнек ҳәм үлги боласыз, деп беккем исенемен,-деген еди Ҳүрметли Президентимиз Шавкат Мирзиёев Өзбекистан муғаллимлери ҳәм устазларына байрам қутлықлаўында. Елбасшымыздың тараў хызметкерлерине болған айрықша ҳүрмети және исеними оларға және де күш-қуўат ҳәм жигер бағышлайды.

Илаж республикамыздың көркем өнер шеберлери менен жас атқарыўшылардың байрам концерти менен жуўмақланды.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.