Греция АҚШқа Волос, Ларис ҳәм Александруполистағы әскерий базаларға қосымша база қурыў ушын өз аймағынан орын бериўди усыныс етти. Бул усыныс мәмлекеттиң қорғаныў министри Панос Камменос тәрепинен Пентагон басшысы Жеймс Мэттиске айтылған.
«Kathimerini» газетасы министрдиң «Греция АҚШ тымсалында бирден бир стратегиялық шеригин ҳәм аўқамласын көреди», деген сөзлерин цитата орнында келтирген.
Мағлыўмат ушын, усы жылдың апрель айында Греция ҳүкимети АҚШтың Ғ-16 қыйратыўшы самолётларын модернизациялаў бойынша келисимге қол қойған еди.
ӨзА