Уллы Британия Европа Аўқамынан шығыўына байланыслы процессти «жақын ҳәптелерде» жуўмақлаўды режелестирген. Metro хабарына муўапық, бул ҳаққында Брексит мәселелери бойынша министр Доминик Рааб парламентте мәлим еткен.
Раабтың атап өтиўинше, бул процесс даўамында елдиң «конститутциялық бир пүтинлиги» де қорғалады. «Мен усы гүзде-ақ бул келисимлердиң әмелге асатуғынына исенемен. Соны да айтып өтиўим керек, Уллы Британия Европа Аўқамынан ҳеш қандай келисимлерсиз де шығыўы мүмкин», дейди министр.
Фахриддин СОДИҚОВ,
ӨзА