Ашхабадта болып өткен Азия-Тыныш океаны телерадио узатыўлар аўқамы (ABU) Бас Ассамблеясының мәжилисинде регионда ҒХҚның раўажланыўына қосқан үлеси ушын Гурбангули Бердимухаммедовқа сыйлық тапсырылды.

Түркменстан мәмлекетлик баспасөзиниң билдириўинше, сыйлық Бердимухаммедовтың Азия-Тыныш океаны телерадио узатыўлар аўқамының Бас хаткери Джавада Моттаги, ABU  дың әмелдеги президенти, Ҳиндстан мәмлекетлик телеканалының бас директоры Доордаршан Суприю Саху ҳәм ABUвице-президенти, Япония телерадио узатыўлар корпорациясы (NHK)   президенти Риоичи Уэда менен болып өткен ушырасыўдан соң тапсырылды.

ӨзА