Тайландта жаңа туўылған нәрестени бесинши қабаттан ылақтырып жиберген ҳаял изленбекте. Бул ҳаққында «Lentra.ru»  сайты хабар бермекте.

Ўақыя Самуртпракан аймағында болған. Банан путаларының арасынан жылаған даўыс еситкен жергиликли турғынлар еле киндиги де кесилмеген нәрестени таўып алады.

Нәресте банан жапырақларының себебинен аман қалғаны айтылмақта, оның денесин тек ғана сүйир шыбын шаққан.

Полиция баланы айнадан ылақтырып жибергенин, ал қоңсылар бала ылақтырылған квартирада жүкли ҳаял жасағанын айтады.

Баланың анасы, адам өлтириўге ҳәрекет етти деген гүман менен изленбекте.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги