Өзлериниң сулыўлығы менен таңлаўға қатнасатуғын қызлар туўралы көп еситкен болсақ та, бул бағдарда жигитлердиң таңлаўы ҳаққында онша көп мағлыўматқа ийе емеспиз.
Дүньяның қырық мәмлекетинен ер азаматлардың «Miss & Мister Planet – 2018» таңлаўының жеңимпазлары анықланды, деп хабар бермекте Nur.kz.
Бул таңлаўда дүньяның 2018-жылғы ең көркем жигити деп – Әзербайжан мәмлекетлик экономикалық университетиниң студенти Эмиль Гасымов жеңимпаз болған болса, ҳаял-қызлар арасында украиналы Елена Фирут дүнья гөззалы деп табылды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги