Жақында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиндеги ӨзЛиДеП фракциясының мәжилиси болып өтти.

Оған фракция ағзалары, Қарақалпақстан Республикасы Ишки Ислер министрлиги, Автомобиль жолларын пайдаланыў аймақлық бас басқармасы, меншиклестирилген кәрханаларға көмеклесиў ҳәм бәсекини раўажландырыў комитети, аўыл хожалығы ҳәм басқа да министрликлер, кәрхана ҳәм шөлкемлердиң ўәкиллери қатнасты.

Илажда фракцияның жыллық режесине муўапық алып барылған жумыслардың барысы, депутатлар топарының жумысларын және де жақсылаў ҳәм келеси жылы болып өтетуғын сайлаўларға таярлық көриў, тийисли министрлик ҳәм мәкемелердиң лаўазымлы шахсларының 2018-жыл даўамында ислеген жумыслары бойынша есабатларын тыңлаў мәселелери додаланды.

Күн тәртибинде республикамыз көлеминде 2018-жылы жынаятшылықтың алдын алыў ҳәм ҳуқықбузарлықларға қарсы гүресиў мақсетинде, Нөкис қаласындағы ишки ҳәм қала, аўыл және мәҳәллелер арасынан өтетуғын жоллардың тармақларын кеңейтиў ҳәм жақсылаў, бос турған объектлерди меншиклестириў бойынша быйылғы жылы әмелге асырылған илажлар ҳаққында, сондай-ақ, 2018-2020-жылларда шарўашылық пенен қусшылықты раўажландырыў бағдарламасы бойынша турмысқа енгизилиўи зәрүр 250 жойбарға байланыслы ҳәм 2017-жыл 16-марттағы «Қыстаўлы медициналық жәрдемди және де жеделлестириў ҳаққында»ғы пәрманының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде исленген жумыслар бойынша есабатлар тыңланды.

– Исбилерменлерди ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў бойынша бир қанша мәмлекетлик уйымларға да ўазыйпалар жүкленди, – дейди Қарақалпақстан Республикасы Меншиклестирилген кәрханаларға көмеклесиў ҳәм бәсекини раўажландырыў комитети баслығының орынбасары Н.Қалжанов. – Бул бағдарда комитет тәрепинен бос турған көшпес мүлк объектлерин анықлап, исбилерменлерге меншиклестирип бериў нәтийжесинде жергиликлилестирилген өним ислеп шығарыў көлемин кеңейтиў ҳәм халыққа хызмет көрсетиў орынларының санын арттырыў илажлары әмелге асырып келинбекте.

Илажда мәмлекет мүлки болған 47 объект 27,8 миллиард сумлық инвестиция киргизиў ҳәм 529 жаңа жумыс орынларын жаратыў шәрти менен исбилерменлерге сатылатуғыны атап өтилди.

Мәжилис жуўмағында жоқарыда атап өтилген мәселелер бойынша депутатлар өз пикир-усынысларын билдирип, тийисли қарарлар қабыл етти.

 

М.ПИРНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.

З.АБУБАКИРОВА,

ҚМУ журналистика тәлим бағдарының 4-курс студенти.